Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонныӊ мирәт етиўине бола 18-апрель күни мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Алдын хабар етилгениндей, сапар бағдарламасына муўапық Душанбе қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер, бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар ҳәм биргеликтеги илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Сөйлесиўлер жуўмағында түрли тараўлардағы көп тәреплемели бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм раўажландырыўға қаратылған келисимлердиӊ салмақлы топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.


ӨзА