Президент басшылығында тоқымашылық тармағындағы әҳмийетли мәселелер додаланып, өткен жылы таяр өним экспорты 1,3 миллиард долларды қурағаны менен жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлеси жетерли дәрежеде емеслиги атап өтилди.

Яғный, экспорттағы таяр өнимниң тийкарғы бөлеги баҳасы төмен болған трикотаж есапланады.

Мәмлекетимизде 1 килограмм ийрилген жиптиң өзине түсер баҳасы дүньядағы баҳалардан орташа 28 процент арзан. Бул өзимизде таяр өнимди көбейтиў ушын жүдә үлкен имканият. Соған қарамастан, жәми өндиристе таяр өнимлердиң үлеси күтилгениндей болмай атырғаны көрсетип өтилди.

Биздеги шийки зат пенен кеминде 15 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў, және 500 мың жаңа жумыс орнын жаратыў ушын бар имканиятларды иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

 

ӨзА