Усы жылдың 15-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Мәденият ҳәм кѳркем ѳнер хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда мәденият ҳәм көркем өнер пидпайылары, тараў ветеранлары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Мәденият ҳәм кѳркем ѳнер хызметкерлери күни байрамы менен Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, жәмийет ҳәм миллеттиң раўажланыўында, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда, сондай-ақ, елимизди дүньяға танытыўда мәденият ҳәм кѳркем ѳнердиң тутқан орнын ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайды. Сонлықтан да, соңғы жыллары елимизде мәденият ҳәм кѳркем ѳнеримизди және де раўажландырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетлерин ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын арттырыў бағдарында мисли кѳрилмеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, елимизде 15-апрель сәнеси – “Мәденият ҳәм кѳркем ѳнер хызметкерлери күни”, деп белгиленгени бул жолдағы илажлар кѳлемин жаңа басқышларға кѳтермекте.

Соның менен бирге, мақам, бақсышылық, ѳнерментшилик бойынша ѳткерилип атырған халықаралық фестиваллар – миллий мәдениятымыздың дүньяға танылып атырғанының айқын мысалы болып табылады. Әсиресе, Қарақалпақстан бойынша өз алдына қабыл етилген қарарлар миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди және де раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Атап айтқанда, Министрлер Кеңеси жанында “Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды” шѳлкемлестирилгени, қала ҳәм районларымызда бир қатар мәденият объектлериниң жаңадан қурылғаны, «Қарақалпақстан кѳркем ѳнер сарайы» мәкемесиниң шѳлкемлестирилгени, театрларымыздың қоллап-қуўатланып атырғаны, Опера ҳәм балет театрын, Хореография академиясы ҳәм Хореография мектеп-интернатын шөлкемлестириў илажлары кѳрилип атырғаны – кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.

Әлбетте, бул ѳз гезегинде мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллерин, дөретиўшилерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўда, көп миллетли халқымыздың бай ҳәм ески мәденияты менен кѳркем ѳнерин еле де кеңнен үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли орын ийелейди. Әсирлерден мийрас болып киятырған миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди еле де раўажландырыў ҳәм келешек әўладқа жеткериў, ѳсип киятырған жас әўладтың кеўлинде ана Ўатанымызға, миллий мәдениятымызға сүйиспеншилик сезимлерин оятыў, халқымызға мәдений хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, миллетлер аралық дослық қатнасықларын беккемлеў – бүгинги күндеги әҳмийетли ўазыйпалардан болып есапланады.

Салтанатлы мәжилисте бир топар тараў пидайыларына Қарақалпақстан Республикасыныӊ ҳүрметли атақлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылды.

Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги