“Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” ойынларына старт берилди
234

Бүгин Нөкис районы спорт мектеби майданшасында киши футбол бойынша “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги” футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи.



Буннан соң 13 команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди. Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 500 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги