2024-жылдың 15-апрель күни Ташкент қаласында «Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» Стратегиялық байланыс сыртқы ислер министрлигиниң екинши ушырасыўы болып өтеди. Бул ҳаққында ТИВ баспасөз хызмети хабар берди

Илажда Орайлық Азия мәмлекетлери – Өзбекстан, Қырғызстан Республикасы, Қазақстан, Тәжикстан, Түркменстан, Кеңеске ағза мәмлекетлер – БАӘ, Баҳрейн, Қатар, Кувейт, Саудия Арабстаны, Омман мәмлекетлеринен делегациялар қатнасыўы күтилмекте.

Мәжилисте 2023-жылдың 19-июль күни Жидда қаласында болып өткен Орайлық Азия ҳәм Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси жетекшилериниң биринши саммитинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, сиясат, қәўипсизлик, саўда-экономикалық, инвестиция, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бағдарларында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланады.

Сондай-ақ, 2025-жылы Самарқандта өткерилиўи режелестирилген «Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» форматындағы гезектеги жоқары дәрежедеги ушырасыўға таярлық көриў бойынша пикир алысты.  

Ушырасыў жуўмағында Биргеликтеги билдириў баянат қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги