Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис даўам етпекте.
Жиззақта қыйтақ жерлерди иске қосыў бойынша 309 мәҳәллеге лидер исбилермен – экспортшылар бириктирилетуғыны белгиленди.
Лидер исбилермен – экспортшы ушын ҳәр бир мәҳәлле қәнигелесиўинен келип шығып қыйтақ жерде 50 миллион сум дәрамат ететуғын финанслық хызмет пакети ислеп шығылады.
Бул бағдарда банклер лидер исбилерменлерге айланыс ушын 3 жыл мүддетке 1,5 миллиард сумға шекем кредитлер ажыратады, бюджет есабынан агроном тартыў, оқытыў, мәҳәлледе жыйнаў, сақлаў ҳәм кептириў пунктлерин шөлкемлестириў ушын 1 миллиард сумға шекем грантлар береди, шаңарақларға Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасынан 33 миллион сумнан, «Бизнеске биринши қәдем» бағдарламасынан 17 миллион сумнан кредит ажыратады.
ӨзА