Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдынан халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, инсаныйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң бахытлы көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен 426 шахс әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 135 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 200 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 26 еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 65 шахсларға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери азайтылды.
Әпиў етилгенлердиң 11ин сырт ел пуқаралары, 50ин ҳаял, 13 ин 60 жастан өткен еркеклер, 157 ин жаслар (солардан, 3 еўи ер жетпегенлер) ҳәм 5 еўин қадаған етилген шөлкемлер жумысында қатнасқан шахслар қурайды.
Пәрманды орынлаў бойынша әпиў етилген шахслардың шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.