Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаяты Шараф Рашидов районында қурылып атырған “Жаӊа Өзбекстан” массивин барып көрди.
Ўәлаятта алдын бундай кеӊ көлемли қурылыслар болмаған еди. Соӊғы жыллары онлаған заводлар иске қосылды, жаӊа санаат тармақлары пайда болды. Соған жараса социаллық инфраструктура да қурылмақта.
Шараф Рашидов районыныӊ бул аймағы таў жанбаўырында, оннан дерлик пайдаланылмайтуғын еди. Ҳәзир 140 гектарлық үлкен майданда жедел қурылыс кетпекте. Жойбар үш басқышлы болып, 3 мыӊ 936 квартиралы 105 көп қабатлы жай қурылыўы режелестирилген. Жайлар 9, 12 ҳәм 16 қабатлы болып, бул да Жиззақ шараятында жаӊалық.
Ҳәзирги ўақытта биринши басқыш шеӊберинде 204 квартиралы 4 көп қабатлы жай, орайлық қазанхана, шоурум ҳәм ишки жоллар қурылған. Және 16 турақ жай, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, саўда орайы қурылады. “Инно техно парк” халықты жумыс пенен тәмийинлеўде жәрдем береди.
Екинши басқыш 2026, үшиншиси 2028-жылларға режелестирилген. Онда жайлардан тысқары мәҳәлле орайлары, поликлиника, мешит, мийманхана, балалар ҳәм спорт майданшалары, “Жаӊа Өзбекстан” бағы қурылады. Бос майданларға да тереклер егилип, қыябанларға айландырылады.
Мәмлекетимиз басшысы быйылғы режелестирилгенине қосымша жайлар қурып, жеӊилликли ипотека кредитлери арқалы халыққа сатып алыў имканиятларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Усыған пропорционал түрде инфраструктура тармақлары, мектеп, балалар бақшасы сыяқлы социаллық мәкемелердиӊ қурылысын жеделлестириў, саўда ҳәм хызметлерди, атап айтқанда, жол бойында улыўмалық аўқатланыў шақапшаларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жиззақ ўәлаятында үш усындай массив қурылмақта. Оларда 4 мыӊ 700 квартираға ийе 156 көп қабатлы жай қурылады. Халық барлық социаллық хызметлер менен тәмийинленеди. “Жаӊа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәрекети Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги пәрманына муўапық басланған. Улыўма, мәмлекетимизде 53 массивте қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күни 14 мыӊ 400 квартиралы 409 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылды. Быйылғы жылы бундай массивлерде 31 мыӊ 447 квартирадан ибарат767 турақ жайлар қурылыўы белгиленген.
ӨзА