Инсанлардың нызамлы мәплери исенимли қорғалады

327

Соңғы  жыллары  халықты әдил судлаўдан пайдаланыў мүмкиншилигин “Жаңа Өзбекстан — жаңа суд” принципи шеңберинде буннан былай да кеңейтиў ушын инсан қәдир-қымбатының үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў бойынша избе-из жумыслар алып барылды. Алып барылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процесинде инсанлардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты. Соның менен бирге, бүгинги күнде суд қарарларын қайта көриў институты талланғанда усы институтты жетилистириў арқалы әмелдеги тәртипти қайта көрип шығыў зәрүр екенлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, суд инстанцияларының қысқарыўы, ақырғы қарарларды кассация инстанциясы ретинде тек ғана Жоқарғы судтың өзи қабыллаўы кереклиги пуқаралардың суд арқалы өз ҳуқықларын қорғаўда қолайсызлықлар туўдырды.

Бул мәселелерди шешиў мақсетинде әмелдеги бес процессуал кодекске өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарлары таярланып, олар 2023-жылдың сентябрь-декабрь айларында қабылланды. 2024-жыл 1-январьдан баслап күшке кирди. Усындай нызамлардың бири 2023-жыл 25-декабрь күни “Суд қарарларының нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын тексериў тәртиби жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы  Нызамы болып есапланады.

Бул Нызам менен Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал  кодексине  районлар аралық, қалалық ҳәм районлық судлары тәрепинен биринши инстанция судында көрилген ислер ўәлаят судында ҳәм оларға теңлестирилген судларда апелляция ямаса кассация тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен апелляция ямаса кассация тәртибинде көрилген ислер усы судда ревизия тәртибинде, ўәлаят судлары ҳәм оларға теңлестирилген судлар тәрепинен ревизия тәртибинде көрилген ислер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясында ревизия тәртибинде қайта көрилиўин, айрықша жағдайларда Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы тәрепинен көрилген ислер Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Президиумында ревизия тәртибинде қайта көрилиўин, соның менен бирге, апелляция ҳәм кассация инстанциялари суды тәрепинен ислерди жаңадан көриў ушын биринши инстанция судына жибериў тәртиби бийкар етилиўин ҳәм олардың жуўапкершилигине ис бойынша жуўмақлаўшы қарар шығарыў жуўапкерлиги жүклениўин нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Бул ҳүжжет суд қарарларының нызамлылығы ҳәм тийкарлылығын тексериў механизмин буннан былай да жетилистириў, суд қарарларын қайта көриўдиң жаңа тәртибин енгизиў арқалы әдил судлаўдың сапасын, пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға, олардың бузылған ҳуқықлары менен еркинликлери, соның менен бирге, нызамлы мәплери исенимли қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

З.ХАСАНОВА,

Нөкис районлар аралық экономикалық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги