Бүгин, 8-апрель сәнесинде Арқа Америкада қуяштың толық тутылыўы бақланады. Мексика, АҚШ ҳәм Канадада бақлаў мүмкин.

Ҳәдийсе Тыныш океанында басланады, оны биринши болып Кук атаўлары қурамына киретуғын Пенрин атоллида жасайтуғынлар көре алады.

Соң Қуяшты тосатуғын ай саясы 2500 км/сааттан жоқарырақ тезликте океан бойлап өтип, жергиликли ўақыт пенен саат 11:07 (Гринвич бойынша 18:07) Мексикаға жетип барады, 20 минуттан кейин Мексика ҳәм АҚШ шегарасын кесип өтеди, және бир неше сааттан кейин, пүткил континентти кесип өтип, Атлантика океанына өтип кетеди.

Қуяштың кейинги толық болмаған тутылыўы усы жылдың 2-октябринде Қубла Америкада бақланады. Оны, сондай-ақ, Арқа Америкада, Тыныш океаны ҳәм Атлантикада бақлаў мүмкин болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги