Президент пәрманы менен:
2024-жыл 1-июньнан баслап «Сырт елде жумыс» мийнет миграциясы электрон программалық комплексинде дизимнен өткен ҳәм шөлкемлестирилген мийнет миграциясына кетип баратырған пуқараларға:
— шет тиллери ҳәм кәсип бойынша әмелий имтиханларын тапсырыўға байланыслы қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМниң 3 есесине шекем;
— «Жумысшы виза»ны рәсмийлестириўге байланыслы қәрежетлер ушын БЕМниң 5 есесине шекем;
— Жол ҳақы ушын БЕМниң 2 есесине шекемги муғдарда компенсация төленеди.
2024-жыл 1-сентябрьге шекем сырт елде ўақтынша ислеп атырған жерлеслеримизге жәрдем көрсетиў ушын күни-түни ислейтуғын Колл-орай шөлкемлестириледи. Сырт елден шығыўшы абонентлер ушын қоңыраўларды бийпул әмелге асырыў имканияты жаратылады.
2024-2025-жыллары Уллы Британияда (Лондон), Германияда (Берлин), Түркияда (Станбул) ҳәм Саудия Арабстанында (Ар-Риёд) Агентликтиң ўәкилханаларын ашыў режелестирилмекте. Уллы Британия, БАӘ, Венгрия, Германия, Латвия, Польша ҳәм Япония мәмлекетлериндеги дипломатиялық ҳәм консуллық орынларында мийнет миграциясы мәселелери бойынша атташе лаўазымы киргизиледи.
2024-жыл 1-июньнан баслап сырт елде ислеп қайтқан шахсларды жумысқа алған жумыс бериўшилерге ҳәр бир хызметкер ушын 12 ай даўамында айына 500 мың сумнан субсидия төленеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги