7-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеӊеси Баслығы Валентина Матвиенко менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар тиледи.

Өзбекстан менен Россия арасындағы кеӊ көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды беккемлеў, жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўға еки мәмлекет парламентлери белсенди үлес қосып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сәўбет жўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди, соныӊ менен бирге, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеӊберинде және де раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.


ӨзА