МҒКАда Қәнигелестирилген билимлендириў орынлары агентлиги админстрациясының қатнасыўында өткерилген мәлимлеме әнжуманында системада ерисилген нәтийжелер, перспективадағы режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Президент мектеплериниң 13и (93 проценти) SAT (академиялық баҳалаў тести) халықаралық сертификаты имтиҳанларын өткеретуғын рәсмий орайлары сыпатында тән алынды.
Президент мектеплери питкериўшилериниң 84 проценти (275) мүддетинен алдын абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында оқыў имканиятына ийе болды.
Президент мектеплери питкериўшилери дүнья рейтингинде TOП–10 лыққа кириўши «California Institute of Technology», «Garvard» ҳәм «Princeton» университетлериниң 100 процентлик грантын қолға киргизди.
Ташкент қаласындағы Президент мектебинде таңлаў пән ретинде 8-класслар ушын Кембридждиң «Жәҳән тарийхы» пәни тәжрийбе-сынақтан өткерилмекте.
Дөретиўшилик мектеплериниң 223 питкериўшилеринен 83 проценти (187) мүддетинен алдын сырт ел ҳәм жергиликли жоқары оқыў орынларында оқыў имканиятын қолға киргизген.
Қәнигелестирилген мектеплердиң 5-11-класслар ушын «Дөретиўшилик математика» оқыў қолланбасы ҳәм 6-класслар ушын «Алдын математика» мәселелер топламы ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилди.
Дөретиўшилик мектеплеринде «Арнаўлы пән» сыпатында 10-11-класслар ушын оқыўшылардың қызығыўшылығынан келип шығып, «Халық аўыз-еки дөретиўшилиги», «Әдебий процесс», «Әдебият қағыйдалары», «Публицистика», «Драматургия» сыяқлы пәнлердиң оқытылыўы енгизилди.
Қәнигелестирилген мектеплерде 2024-2025-оқыў жылынан баслап басқышпа-басқыш STEM пәнлерин толық инглиз тилинде оқытыў шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги