Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа Ақтөбе ўәлаятында жүз берген автомобиль апатшылығында қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына билдирилген терең кеўил айтыў ушын қызғын миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысының хатында жол-транспорт ҳәдийсесиниң себеплерин анықлаў ҳәм қайтыс болғанларды елимизге алып келиўде Өзбектсанның арнаўлы ҳүкимет комиссиясы ҳәм уйымларына Қазақстан Ҳүкимети тәрепинен көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын да миннетдаршылық билдирилген.
Еслетип өтемиз, ЖТҲ ақыбетинде сегиз өзбекстанлы қайтыс болды. Олар Қорғаныў министрлигиниң арнаўлы бортында Ўатанға қайтарылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги