Хожели районы “Хожели Элита уруғчилик” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли жер майданында 2024-жылдың шигит егисине арналған көргизбели семинар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат районлары ҳәкимлери ҳәм сектор басшылары қатнасты. Онда  шығып сөйлегенлер шигит егисиниӊ сапалы усыллары ҳәм дийқан-фермерлер итибар қаратыўы керек  болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.




Районда быйылғы жылы жәми 7 700 гектар майданға шигит егиў режелестирилген болып, бул жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў ушын 17 отрядқа 53 жуўапкер ҳәм 2419 техника бириктирилди. Илаж даўамында жақсы нийетлер менен атызларға дәслепки туқымлар тасланып, районда егис жумыслары баслап жиберилди. Буннан соң, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде барлық қатнасыўшылар тәрепинен ҳәр қыйлы терек нәллери егилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги