Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 13-июль күнги 228-санлы  қарары тийкарында ҳәр бир мәҳәллеге 500 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, өткен жылдан берли мәҳәллелердеги көплеген машқалалар шешилмекте.

“Депутат мəҳəлледе” жойбары шеңберинде Халық депутатлары Кегейли районлык  Кеңесиниң  депутаты  Байрам Искендеров тәрепинен ɵзи сайланған аймақ Мәденият МПЖ ға ажыратылған усындай қаржылар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар  үйренип шығылды.

Ажыратылған қаржылар есабынан аймақ турғынларының үй қапталы қыйтақ жерлерин суўғарыў мақсетинде 4 дана Д150-Д200 маркалы электр насос сатып алынған еди.

Депутат тәрепинен усы электр насослардың бүгинги күндеги ислеў жағдайлары үйренилип, мәҳәлле турғынлары менен сәўбетлесиўлер өткерилди.

– Бизиң мәҳәллемизде көшелерди ҳәм хожалықлардағы қыйтақ жерлерди суўғарыў бойынша машқалалар бар еди. Қысы менен мәҳәллемиздеги көше бийлериниң ойласыўы, халықтың талап етиўи ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен ажыратылған қаржыға жаптан суў тартатуғын насос алынатуғын болды. Мине, бәҳәр келип көшелерге суў бериў ушын насосты қосып атырмыз. Усындай шараятларды жаратып бергени ушын басшыларымыздан, депутатларымыздан миннетдармыз,-дейди  көше бийлериниң бири К.Хожалепесов.


Өзиңниң атызыңан алынған өнимге не жетсин. Атызларын қыйналмай суўғарып алыўы ушын жаратылған бундай қолайлық ушын халықтың миннетдаршылығы да шексиз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги