Кәмбағаллықты қысқартыўда исбилерменлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў орнатылады

223

Президентимиз тәрепинен усы жылдың 2-апрелинде қол қойылған нызам менен Салық кодексине қосымшалар киргизилди.

Оған бола, «бирге ислесиў шәртнамалары»на тийкарланып «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасына киргизилген исбилерменлерге (Ташкент қаласында дизимнен өткен исбилерменлик субъектлери буған кирмейди) айырым салықларды да айланыстан алынатуғын салықты усы исбилерменлер жаратқан жаңа жумыс орынлары санына қарап төмендеги мүддетлерде бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи.

51 ден 100 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда – 3 айға шекем, 101 ден 200 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда – 6 айға шекем, 200 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылғанда – 12 айға шекем бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи.

Сондай-ақ, «20 мың исбилермен – 500 мың маман қәниге» бағдарламасына киргизилген исбилерменлик субъектлери юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық ҳәм юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын 2025-жыл 1-январьға шекем төмендеги муғдарда төменлетилген салық ставкалары бойынша төлейди.

51 ден 100 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда – белгиленген салық ставкасының 50 проценти, 101 ден 200 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда – белгиленген салық ставкасының 75 проценти, 200 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылғанда – бул салықларды төлеўден азат етиледи.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшкен киреди.

Ш.Маматуропова,

ӨзА