Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Жаслар ислери агентлиги мәлимлеме хызмети баслығы Нодир Абдуқодиров мәлим етти.

Атап өтилиўинше, усы жылдың январь-март айларында 9 452 мәҳәлледе 8,3 миллион «жаслар балансы» қәлиплестирилип, олардың қызығыўшылығы, қәбилети ҳәм усынысларын әмелге асырыўға қаратылған «Жаслар база китабы» ислеп шығылды.

Усы жылы жаслар жетекшилериниң усынысы менен 8563 жасқа 34,1 млрд сумлық социаллық-экономикалық жәрдем көрсетилди.

«Жаслар балансы» тийкарында усы жылы 814 мың жастың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әҳмийетли илажлар белгиленди.

Усы мәселелерди әмелге асырыў ушын ҳәр бир мәҳәлле кесиминде «пуқаралық» «Жаслар бәндлиги бағдарламалары» ислеп шығылды.

Быйылғы жылдың басынан шет тили, заманагөй кәсип ҳәм ITға оқытыў мақсетинде аймақлардағы 100 жеке меншик оқыў орайлары арқалы 1 500 жастың оқыў қәрежетлери ушын 3,5 млрд сум қәрежет ажыратылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги