Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-апрель күни усы жылдыӊ январь айында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўдағы келисимлер шеӊберинде мәмлекетимизге келген Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеӊеси ағзасы, жәмийетлик қәўипсизлик министри Ван Сяохун басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине көрсетилип атырған миймандослық ушын тереӊ миннетдаршылық билдирип, Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниӊ сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда қәўипсизликке заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде әмелий бирге ислесиўди және де кеӊейтиў ҳәм биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди муўапықластырыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Қытай арасындағы дослық ҳәм барлық шараятларда стратегиялық шериклик қатнасықлары бүгин жоқары дәрежеге көтерилгенин айрықша қатнаатланыўшылық пенен атап өтти. Ҳуқық қорғаў тараўында нәтийжели уйымлараралық бирге ислесиў ушын бар потенциал ҳәм имканиятлар атап өтилди.
Әҳмийетли бағдарлар сыпатында жәмийетлик қәўипсизликтиӊ тийкарғы бағдарлары бойынша тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги илажлар өткериў, заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм инновациялық усылларды енгизиў, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, маман қәнигелерди таярлаў ҳәм басқалар көрсетип өтилди.
Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.
ӨзА