Семинар-тренинг шөлкемлестирилди

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Мәденият министрлигине қараслы мәкемелерде санластырыў ҳәм инновацияны енгизиў» темасында министрликке қараслы республикалық, қалалық ҳәм районлық мәкемелердиң қәнигелери ушын семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Б.Аллаков, Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық секторының бас қәнигеси М.Шамуратов, “Ўзкомназорат” инспекциясының Қарақалпакстан Республикасы аймақлық бөлиминиң қәнигеси Р. Ахымбетовлар менен тийисли тараў қәнигелери қатнасты.


Өткерилген семинарда қәнигелерге мәденият тараўын санластырыў, тараўға инновацияларды енгизиў, бул бойынша биринши гезекте қандай жумысларды әмелге асырыў кереклиги бойынша түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги