Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

 

Өткен дәўир ишинде туўылыў, өлим, некеден өтиў ҳәм некеден ажырасыў сыяқлы әҳмийетли ўақыялар ҳәм фактлерди жазыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсететуғын пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (кейинги орынларда ПҲАЖ деп аталады) уйымлары системасын жетилистириў бойынша избе-из ҳәм системалы жумыс алып барылды.

Соның менен бирге, бул тараўдағы жумыслардың жағдайы халыққа ҳәр тәреплеме ҳәм сапалы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бойынша нәтийжели механизмлердиң жаратылыўына тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер барлығынан дәрек береди. Атап айтқанда:

бириншиден, ПҲАЖ уйымларының статусын, ўазыйпалары менен ўәкилликлерин белгилеп беретуғын арнаўлы нызам жоқ, сондай-ақ, бул тараўдағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функциялары анық шекленбеген;

екиншиден, ПҲАЖ уйымларының жумысына заманагөй инновациялық ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиўдиң төмен дәрежеде екенлиги, қағаз ҳүжжетлер айланысының сақланып қалған үлгилери тийкарсыз қаржы қәрежетлерине, пуқаралардың көп ўақыт күтип қалыўына ҳәм гезеклер жүзеге келиўине, ақыбетинде, айырым жағдайларда коррупция ҳәм бюрократлық ҳалатларына алып келмекте;

үшиншиден, ПҲАЖ уйымлары ҳәм ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, мийрас ҳәм қәўендерлик, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және билимлендириў мәкемелери арасындағы ведомстволараралық электрон бирге ислесиўдиң жеткиликли дәрежеде жолға қойылмағанлығы туўылыў ҳәм өлимди сөзсиз ҳәм өз ўақтында жазыў, сондай-ақ, тийисли жазыўларсыз неке дүзиў ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў бойынша нәтийжели мониторингти тәмийинлемей атыр;

төртиншиден, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасы ҳәм жеделлиги, ПҲАЖ уйымлары хызметкерлери тәрепинен өзиниң функциональлық ўазыйпаларын зәрүр дәрежеде орынлаў үстинен қадағалаўдың нәтийжели механизми, әсиресе, аралықтан қадағалаў қәлиплестирилмеген, олардың жумысын баҳалаўдың ашық-айдын системасы жоқ;

бесиншиден, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бойынша мәмлекетлик хызметлерди орынларға барып көрсетиўдиң кең ҳәм системалы әмелияты жоқ екени, алыс ҳәм барыў қыйын болған районлардан ПҲАЖ уйымларына барыў ушын транспорт қәрежетлериниң жоқарылығы, халықтың ҳуқықый билимлери менен ҳуқықый мәденияты дәрежесиниң жеткиликли емеслиги туўылған балалардың туўылыў ҳалатының тийисли түрде жазылмай қалыўы қәўпин жүзеге келтирмекте, бул болса Өзбекстан Республикасы Конституциясында ҳәм нызамларында белгилеп қойылған балалардың социаллық-экономикалық ҳуқықларын әмелге асырыўға, соның ишинде, бийпул медициналық жәрдем ҳәм билим алыўға тәсир етиўи мүмкин.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда ПҲАЖ уйымларының ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў, сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер пуқарлық ҳалаты актлерин жазыў институтын буннан былай да реформалаў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

биринши – ўәкилликли уйымларда туўылыў, өлим, неке дүзиў ҳәм некеден ажырасыў, фамилиясын, исмин ҳәм әкесиниң исмин өзгертиў сыяқлы ўақыялар менен фактлерди кең көлемли жазыў жолы арқалы пуқаралардың жеке ҳәм мүлклик ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў;

екинши – ең әҳмийетли юридикалық фактлерди жазбай қалдырыў ақыбетлерине айрықша итибар қаратқан ҳалда халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға, ҳуқықый мәдениятын жетилистириўге ҳәм жәмийетте нызам үстинлигин беккемлеўге қаратылған кең көлемли ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып барыў;

үшинши – ПҲАЖ уйымларының шаңарақ институтын беккемлеў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў ҳәм шаңарақтағы ажырасыўлардың алдын алыў бойынша комплексли илажларға белсене қатнасыў;

төртинши – ПҲАЖ уйымларының жумысында халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң тәртип-қағыйдаларын жеңиллетиўге, соның ишинде, ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға ҳәм шөлкемлерге бармай хызметлер көрсетилиўине, хызметлердиң сапасын ҳәм жеделлигин арттырыўға, экстерриториаллық принцип тийкарында архив мағлыўматнамаларын ҳәм мәлимлемесин алыў имканиятын беретуғын пуқаралық ҳалатының бирден-бир электрон архивин қәлиплестириўге қаратылған инновациялық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў;

бесинши – пуқаралық ҳалаты юридикалық фактлерин анықлаў ҳәм оларды өз ўақтында жазыў бойынша пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўды әмелге асыратуғын уйымлар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, мийрасқорлық ҳәм қәўендерлик, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары және билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели бирге ислесиў;

алтыншы – бул тараўда бюрократия ҳәм коррупция жүзеге келиўиниң алдын алыўға қаратылған ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди кеңейтиў арқалы, соның ишинде, алыс орынлардағы елатлы пунктлерге шыққан ҳалда («мобиль мәмлекетлик хызметлер») мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң оптимал ҳәм қолай усылларын пайдаланыў;

жетинши – ПҲАЖ уйымлары тәрепинен мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесинде қолайлықты ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, хызметкерлер тәрепинен кәсиплик этика қағыйдаларына ҳәм функциональлық ўазыйпаларға әмел етиў, пуқаралық ҳалаты актлерин сапалы ҳәм оператив жазыў, мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлердиң дурыс есапланыўы және өндирилиўи үстинен қадағалаўдың жаңа түрлерин, соның ишинде, аралықтан қадағалаўды енгизиў;

сегизинши – халықтың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятын арттырыўды нәзерде тутқан ҳалда мәмлекетлик бажы ставкаларын, герб жыйымларын ҳәм ПҲАЖ уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын төлемли хызмет тарифлерин оптималластырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5415-санлы Пәрманына тийкарланып 2018-жыл 1-июльден баслап ПҲАЖ уйымларының ҳуқықты қолланыў әмелиятын муўапықластырыў, жумысын методикалық тәмийинлеў, «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў, ПҲАЖдың аймақлық архивлерине басшылық бойынша ўазыйпалар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигине жүкленген ҳалда, ПҲАЖ уйымлары районлық (қалалық) ҳәкимиятлардың қарамағына өткерилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Миннетлемелерди муўапық бөлистириў ҳәм жуўапкершилик тараўларына тийкарланып:

районлар (қалалар) ҳәкимлери ПҲАЖ бөлимлери ҳәм неке үйлериниң (кейинги орынларда – ПҲАЖ бөлимлери) жумысын, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олардың хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў үстинен улыўма басшылықты әмелге асырады;

районлар (қалалар) ҳәкимлериниң орынбасарлары – районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитетлериниң баслықлары шаңарақты беккемлеў, ажырасыўлардың алдын алыў, туўылыў ҳәм некени өз ўақтында жазыў, үгит-нәсиятлаў ҳәм ағартыўшылық бойынша илажларды көриўге жеке жуўапкер есапланады;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң директоры ПҲАЖ бөлимлеринде ҳуқықты қолланыў әмелиятын нәтийжели муўапықластырыўға, жумысын методикалық тәмийинлеўге, «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын техникалық тәмийинлеўге ҳәм жүргизиўге, сондай-ақ, ПҲАЖ архивлерине басшылық етиўге жуўапкер есапланады;

районлық (қалалық) ПҲАЖ бөлимлериниң баслықлары дизимге алынып атырған пуқаралық ҳалаты акти жазыўларының нызамлылығы ушын жеке жуўапкер есапланады.

  1. Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2018-жылдың 1-июлинен:

неке шәртнамасын ҳәм алимент төлеў ҳаққында келисимди нотариал тастыйықлаў;

судлар тәрепинен әкеликти тән алыў (белгилеў), баланың анаў ямаса мынаў анадан туўылғанын, сондай-ақ, туўылған ўақты фактлерин анықлаў ҳаққындағы арзаларды көргени ушын мәмлекетлик бажы өндирилиўи бийкар етилсин.

  1. ПҲАЖ уйымларын, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги консуллық мәкемелерин ҳәм пуқаралар жыйынларын турақлы есапта туратуғын гербли гүўалықлардың бланкалары менен Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен тәмийинлеўдиң әмелдеги тәртиби сақланып қалсын.
  2. 2018-жылдың 1-июлинен баслап:

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң арнаўлы ғазнашылық есап бетлерине герб жыйымынан түсетуғын қаржылардың 40 проценти, сондай-ақ, ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен көрсетилетуғын төлемли хызметлер Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң арнаўлы шөлкемлестирилетуғын ғазнашылық жеке есап бетлерине қаратылатуғыны ҳәм тек ғана ПҲАЖ бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлары, хызметкерлердиң узақ мүддет хызмет еткени ушын мийнет ҳақысына үстеме ҳақы төлеў ҳәм мәртебе дәрежелери ушын қосымшаларына, сондай-ақ, оларды материаллық хошаметлеўге (лаўазымлық айлығының ҳәм хошаметлериниң 100 процент муғдарына шекем жеке үстемелер) жумсалатуғыны;

арнаўлы шөлкемлестирилетуғын ғазнашылық жеке есап бетлерине қаратылған қаржылардан пайдаланыў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги және Қаржы министрлиги тәрепинен белгиленетуғын тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:

2019-жылдың 1-январынан баслап ПҲАЖ уйымлары менен туўылыў ҳәм өлим ҳаққында электрон мағлыўматлар алмасыўды жолға қойыў, сондай-ақ, туўылыўы ҳәм өлими ҳаққында бирден-бир бийбаҳа кодлы унификацияланған электрон мағлыўматнама бериўдиң бирден-бир тәртибин енгизсин;

2019-жыл 1-январьға шекем фертиль жастағы ҳаялларды есапқа алыў ҳәм ҳәмиледарлықтың ерте басқышынан нәресте туўылғанға шекемги есабын алып барыўдың автоматластырылған мәлимлеме системасын ислеп шығыў және оны «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасы менен интеграциялаўды тәмийинлесин.

  1. Қупыя.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги 2018-жыл 1-июльге шекем ПҲАЖ бөлимлери тәрепинен пайдаланылып атырған имаратлар менен объектлердиң бир бөлегин және оларға тийисли мебельлер, инвентарьлар, ҳүжжетлер ҳәм басқа да мүлклердиң белгиленген тәртипте районлық (қалалық) ҳәкимликлерге берилиўин тәмийнлейтуғыны;

ПҲАЖ уйымлары тәрепинен пайдаланылып атырған имаратлар менен объектлердиң бир бөлеги өз мақсетлерине пайдаланыў ушын әдиллик уйымларында сақланып қалатуғыны;

районлық (қалалық) ҳәкимиятларға берилген ПҲАЖ бөлимлериниң имаратлары менен объектлеринен кейин ала басқа да мақсетлерге пайдаланыўға және оларды тийисли болмаған етиўге тек ғана Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги менен келисилген ҳалда рухсат берилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Дизимге алынбаған туўылыў, өлим ҳалатларын анықлаў ҳәм кейин ала оларды ПҲАЖ уйымларында жазыўды тәмийинлеў бойынша районлық (қалалық) ҳәкимлер басшылығында 2-қосымшаға муўапық үлги қурамда аймақлық комиссиялар шөлкемлестирилсин.

Аймақлық комиссиялар:

2019-жылдың 1-июлине шекем дизимге алынбаған туўылғанлық, өлим жағдайларын анықлаў бойынша толық хатлаўдан өткерсин, соның нәтийжесинде туўылғанлық, өлим ҳалатларының нызам ҳүжжетлерине муўапық мәнзилли дизимге алыныўын тәмийинлесин;

өз жумысында туўылыўы ҳаққында гүўалығы жоқ болған балаларды анықлаўға айрықша итибар берсин, онда «Бирде-бир бала дизимге алынбай қалыўы мүмкин емес» ҳәм «Туўылғанлық ҳалатын жазыў – бала ҳуқықларын жүзеге шығарыўдың ҳәм пуқаралық болмаўдың алдын алыўдың ҳуқықый тийкары» деген ийгиликли идеяларға әмел етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги:

кейин ала «Бирден-бир электрон ПҲАЖ» архиви мәлимлеме системасы менен интеграциялаў ушын ПҲАЖ уйымларында сақланып атырған пуқаралық ҳалаты актлери жазыўларын санлы көриниске өткериўди, бирден-бир электрон ПҲАЖ архив фонды қәлиплестирилиўин 2022-жыл 1-январьға шекем жуўмақласын;

актлер жазыўларының мағлыўматнамаларын «Бирден-бир электрон ПҲАЖ» архиви мәлимлеме системасына киргизиў бойынша жумысларды орынлаў ушын юридикалық шахслар менен жумысты бөлип алыў шәртнамаларын дүзсин;

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2018-жылдың 1-сетябринен баслап мәмлекетлик бажы, герб жыйымлары ҳәм басқа да төлемлерди төлеўде электрон төлемлер (биллинг) механизмин толық енгизиў бойынша илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик персоналластырыў орайы ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2019-жылдың 1-янаврынан бала туўылғаны ҳаққындағы гүўалықтың жазылыўында нәрестелерге физикалық шахстың жеке идентификация саны берилиўин әмелиятқа енгизсин

  1. 2021-жылдың 1-июлине шекемги мүддетте пуқаралық ҳалаты актлерин санлы көриниске өткериў, ведомстволараралық электрон бирге ислесиў системасын жаратыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын сканерлеў қурылмалары, сервер ҳәм басқа да үскенелер және аўысық бөлеклер, комплектлеўши буйымлар бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етсин:

ПҲАЖ уйымлары ҳәм ПҲАЖ бөлимлери хызметкерлериниң мәртебе дәрежелери ҳаққындағы режелер;

ПҲАЖ бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша разрядлар ҳәм тариф коэффициентлери;

ПҲАЖ бөлимлериниң мәртебе дәрежелерине ийе болған хызметкерлерге узақ мүддет хызмет еткени ушын берилетуғын ҳәр айлық үстеме ҳақы муғдарлары;

мәртебе дәрежелери ушын судлар ҳәм әдиллик уйымлары хызметкерлериниң лаўазымлық айлықларына қосылатуғын қосымша ҳақы муғдарлары.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Р.К.Давлетовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-июнь