2018-жыл 12-июньде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманына қол қойды.

Пәрманға муўапық биринши мәрте мүбәрек Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен және Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып билип-билмей жынаят ислеген, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған еркинен айырыў жазасын өтеп атырған 226 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 102 си жазадан толық азат етиледи, 71 и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етиледи, 39 ына тайынланған жаза жеңил жаза менен алмастырылады, басқаша етип айтқанда, 212 шахс жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етиледи. Сондай-ақ, 14 шахсқа тайынланған еркинен  айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.

Әпиў етилгенлердиң 40 ын 60 жастан өткен шахслар, 39 ын шет ел пуқаралары, 37 син ҳаял-қызлар, сондай-ақ, 51 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.

Бул ўақыя елимизде алып барылып атырған адамгершилик сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў,  жоқары ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң мүбәрек Рамазан айында буннан былай да  жоқары сәўлеленгениниң әмелий көриниси болып табылады.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволарға тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА