Бийпәрўалықтың ақыбети түсиндирилди

273

Төрткүл районындағы Әбиў Әлий Ибн Сино атындағы жәмәәт саламатлығы техникумында “Жақсылық-сүренимиз, мәрипат-қуралымыз” сүрени астында ағартыўшылық сабағы болып өтти.

Илажда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиӊ баслығы Ж.Сеттиев, район ҳәкиминиӊ мәмлекетлик тил бойынша мәсләҳәтшиси Г.Назарова шығып сөйлеп, бүгинги күни дүнья жүзинде жүз берип атырған ўақыялардыӊ жаслардыӊ санасына тәсири, жәмийетимизде миллий ҳәм дәстүрий қәдириятларды ҳүрметлеў мәселелерине тоқтап өтти. Сондай-ақ, жаслар арасында өз-ара қарым-қатнасықты, тынышлық, миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, оларға жаратылып берилип атырған кеӊ имканиятлар ҳаққында сөз етилди. Оқыўшыларға латын графикасында  басып шығарылған “Химиялық атамалардыӊ түсиндирме сөзлиги” китабы бойынша мағлыўмат берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги