Өзбекстан ҳәм БАӘ сыртқы ислер министрлери телефон арқалы сөйлести

154

Мәмлекетимиз СИМ баспасөз хызметиниң хабарына бола, министр Бахтиёр Саидов ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыртқы сиясат уйымының баслығы шейх Абдуллоҳ бин Зоид Ол Наҳаян арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

Сәўбет ўақтында барлық тараўларда өз-ара байланыс жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Сийсий сөйлесиўди беккемлеў, экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў, болажақ биргеликтеги илажлар кестеси ҳәм улыўма күн тәртибиндеги басқа да әҳмийетли темалар додаланды.

ӨзА