Усы жылдың 26-28-март күнлери пайтахтымыздағы «Өзэкспоорай» орайлық көргизбелер комплексинде «Азық-аўқат өнимлери, ингредиентлер ҳәм өндирис технологиялары – UzFood-2024» халықаралық көргизбеси болып өтеди.

«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясы ҳәм бир қатар рәсмий шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилетуғын бул илажда 26 мәмлекеттен 370 дан аслам компанияның қатнасыўы күтилмекте.

Көргизбени шөлкемлестириўден гөзленген мақсет әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў болып есапланады. Яғный, бул халықты сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў, заманагөй технологиялардан кеңнен пайдаланған ҳалда өндиристи раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў менен байланыслы.

«Iteca Exhibitions» халықаралық көргизбелер компаниясының бас директоры Нигора Ҳасанованың атап өтиўинше, «UzFood» тийкарғы итибарды жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратпақта.

– Көп жыллар даўамында тараў қәнигелери ушын универсал бизнес майданы болған бул илаж мәмлекетимиздеги азық-аўқат санаатының ең үлкен көргизбесине айланып үлгерди. Ол бул рет те дәстүрий түрде азық-аўқат ҳәм қайта ислеў санааты, қадақлаў ҳәм сақлаў ушын жаңа үскенелер ҳәм технологиялар, азық-аўқат ҳәм ишимликлердиң кең ассортиментин усынады. Бул көргизбеде Германия, Ҳиндстан, Индонезия, Иран, Италия, Австрия, Шри-Ланка сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары жәмәәтлик түрде қатнасатуғынын атап өтиў керек. Онда Қытай ҳәм Түркия компанияларының кеңнен қатнасатуғынын атап өтиў керек.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА хабаршысы