12-14-март күнлери Өзбекстан жаслары Нәшебентлик затлар бойынша комиссиясыныӊ (CND) 67-сессиясы шеӊберинде БМШтыӊ Жаслар басламасы тәрепинен шөлкемлестирилген жыллық форумында дәслепки мәрте қатнасты.
Илажда дүньяныӊ 27 мәмлекетинен 35 жас қатнасыўшы қатнасып, онда нәшебентликтиӊ алдын алыў ҳәм жаслар саламатлығын беккемлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.
Жаслар форумы дүньяныӊ түрли мәмлекетлеринен келген жас жетекшилердиӊ өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў майданына айланды. Өзбекстанлы қатнасыўшылар жаӊа концепция ҳәм басламаларға қайыл қалды ҳәм түрли мәмлекетлерден келген заманласлары менен байланысыў имканиятынан пайдаланды.
БМШтыӊ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасыныӊ атқарыўшы директоры Гада Вали жас жетекшилерди шын кеўилден қутлықлап, оларды усы форумнан билим алыў ҳәм өз-ара байланысыў ушын пайдаланыўға ийтермеледи. Сиясатты таллаў ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими директоры Жан-Люк Лемахе де усы илаждыӊ жаслар басламаларын раўажландырыўдағы әҳмийетин айрықша атап өтти.
Өзбекстанлы жаслардыӊ форумда қатнасыўы Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық және де саламат ҳәм қәўипсиз жәмийет жаратыўға үлес қосады. Бул, сондай-ақ, жаслардыӊ глобал машқалаларды шешиўде белсене қатнасыў, улыўма мақсетлерге ерисиў ушын тәжирийбе алмасыў тилегин және бир мәрте тастыйықлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги