Британияда дүньяның «Жети кәраматы» дизими жаңаланды. Дыққатқа ылайық орынлар туристлердиң келиў саны, сондай-ақ, арнаўлы бир объекттиң «Википедия»дағы бети қанша көрилгенине қарап таңланды, деп хабар берди Express.

7-орын. Мачу-Пикчу (Перу)

Мачу-Пикчу қорғаны XV әсирде қурылған. Ол не мақсетлерге хызмет еткени елеге щекем тарийхшылар ҳәм археологлар арасында тартысларға себеп болмақта. Әййемги инклер қорғаны 1911-жылы қайтадан ашылып, 1983-жылы ЮНЕСКО Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген.

6-орын. Эйфел минары (Франция)

Әлбетте, Парижди олсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Қурылғанына быйыл 137 жыл толады (1887-жылы). Қурыўшы-инженнер Гюстав Эйфел ҳүрметине аталған, қурылған ўақтында 330 метрлик минара өз дәўириниң ең бийик жасалма имаратына айланады ҳәм 42 жыл сондай болып қалды.

5-орын. Уллы Қытай дийўалы (Қытай)

Дүньядағы ең узын дийўал. Мәмлекетти басқыншылардан қорғаўға хызмет етиўи нәзерде тутылған Уллы Қытай дийўалын қурыў, ортада тәнепислер менен, узақ ўақыт даўам еткен, қалаберсе тиклеў жумыслары исленген. Дийўалдың жәми узынлығы 21 196 км, айырым жерлерине жетип барыў жүдә қыйын.

4-орын. Азатлық ескерткиши (АҚШ)

АҚШта, Жоқары Нью-Йорк бухтасындағы Азатлық атаўында, Манҳэттен атаўы қубла бөлиминен үш километр қубла-батыста жайласқан үлкен ескерткиш. Францияда Огюст Бартолди қол астында исленген. Ескерткишти ислеў АҚШқа келтириў ҳәм қурыў ушын он жыл кетеди.

3-орын. Эверест (Жомолунгма) шыңы (Непал)

Гималай таўларының бас шыңы Эверест — «жетилик» қатарына кирген жалғыз тәбият кәраматы болып есапланады. Планетамыздың ең бийик шыңы теңизден 8 848 метр бәлентликке шекем бой созған.

2-орын. Бурж Халифа (БАӘ)

Дүньдағы ең бийик имаратты қурыўға алты жыл кеткен, 2010-жылы 4- январьда салтанатлы ашылыў мәресими өткерилген.

Бийиклиги — 828 метр. Дүньядағы ең бийик ҳәм ең көп қабатлы имарат саналады. Бурж Халифаны қурыўға 1,5 миллиард доллар (сол дәўир курсында) жумсалған.

1-орын. Тажмәҳәл (Ҳиндстан)

Бабурийлердиң бесинши ҳүкимдары Шахжаҳон тәрепинен ҳаялы Мумтозмаҳал ушын XVII әсирде қурылған мақбара ҳинд-ислам архитектурасының уллы шоққысы сыпатында тән алынып келинбекте. Пәк муҳаббат символы ҳақылы түрде — биринши орында!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги