Усы жылдың 16-17-18-март күнлери елимизде улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи режелестирилген болып, Нөкис қаласының орайында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған майдан жанында “Таза қала” акциясына старт берилди.
Оныӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, елимиздиң абаданлығын, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў ҳәм жасыл аймақлардың пайда етилиўинде биргеликте ҳәр бир пуқара үлес қосыўы керек екенлиги атап өтилди.
Жойбар шеңберинде Нөкис қаласы аймағындағы мәҳәллелер шығындылардан тазаланады. Сондай-ақ, абаданластырылған орынларға ҳәр түрли декоратив ҳәм мийўе нәллерин егиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги