Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында тараў қәнигелериниң қатнасыўында “Тарийх сабақларында Блум таксономиясы технологиясынан пайдаланыў” атамасында әмелий семинар өткерилди.
Оны өткериўден мақсет – тыңлаўшыларға Бенжамин Блум таксономиясы технологиясы ҳаққында түсиник бериў ҳәм тарийх сабақларында Блум таксономиясынан пайдаланыў бойынша әмелий көнликпелер пайда етиў болып есапланады.
– Семинар даўамында ақылый ҳүжим, сораў-жуўап, топар жумысы, дискуссия, гәп дүзиў шынығыўлары арқалы қатнасыўшылардың Бенжамин Блум таксономиясы технологиясы ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болыўы, билиў процесиниң 6 басқышы: танып алыў, еслеп қалыў; тәрийиплеп бериў, түсиндириў; әмелге асырыў; анализлеў; баҳалаў; жаратыў ҳаққында жеке жуўмаққа келиў, тарийх сабақларында Блум таксономиясынан пайдаланыў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болыўы ушын ҳәрекет етилди,-дейди орайдың социаллық-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасының аға оқытыўшысы Темирбай Ғаниев.
Таксономия – бул иерархиялық түрде дүзилген әпиўайыдан қурамалыға шекемги мақсетлер системасы болып есапланады.
Блум таксономиясы алты түрли дәрежеден ибарат пикирлеў қәбилетлериниң иерархиялық модели. Усы модель шеңберинде сын пикирлеўди раўажландырыўды көрип шығыў мақсетке муўапық. Себеби, оқыўшыларда сын пикирлеўди раўажландырыў ҳәм оны қадағалаў ушын муғаллимниң қолланылатуғын тапсырма ҳәм сораўлары ой ҳәм сананың қаншелли дәрежеде раўажланғанлығын анықлай алатуғын болыўы керек. Блум таксономиясы – бул оқыўшылардың барлық түрдеги ақылый жумысын бақлаўға жәрдем беретуғын қурал.
Блум таксономиясы – 1956-жылы Б.Блум тәрепинен “билим бериў мақсетлери таксономиясы: билиў тараўы” китабында усынылған когнитив (жаратыўшылық) тараўдағы билим бериў мақсетлериниң классификациясы.
Блумның таксономиясы бүгинги күни билим бериўди режелестириў қуралы сыпатында кеңнен қолланылып келмекте.
Семинар даўамында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги