Бәринен бурын, Сайхунабадта 17 мыӊ шаӊарақта қыйтақ жерди иске қосыў, киши санаат ҳәм хызметлерди жолға қойыў арқалы, халықты дәраматлы етиў ўазыйпасы қойылды.
Жуўапкерлер 19 мәҳәлле ҳәм 794 көшени атпа-ат бөлип алып, быйыл исбилерменлик ушын белгиленген 200 миллиард сум есабынан олардыӊ ҳәр бирине техникалық, экономикалық тийкар ислеп шығады.
Онда, мәҳәллени “драйвер” бағдарынан келип шығып, райондағы 17 мыӊ шаӊарақ кесиминде қыйтақ жерде қанша, санаатта қанша, саўда ҳәм хызметлерде қанша халық бәнт болыўы анық көрсетиледи.
ӨзА