Өзбекстан Сенатының Баслығы Нью-Йоркта нәтийжели ушырасыўлар өткерди

121

АҚШтың Нью-Йорк қаласында БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 68-сессиясы болып өтпекте.

Сессияның жумысында Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.

Сессия шеңберинде Сенаттың Баслығы Швейцария Конфедерациясы Президенти Виола Амерд, Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ислери бойынша миллий комитети баслығының орынбасары, Пүткилқытай ҳаял-қызлар федерациясы баслығының орынбасары Хуан Сяовей менен ушырасыў өткерип, келешектеги бирге ислесиў бойынша сөйлесиў алып барылғаны ҳаққында хабар берген едик.

Танзила Норбоева, сондай-ақ, Бельгия Гендер теңлик, тең имканиятлар ҳәм көптүрлилик бойынша Мәмлекетлик хаткери Мари-Коллин Лерой менен де ушырасты.

Онда Өзбекстан ҳәм Бельгия арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, ҳаял-қызлардың қәнигелескен шөлкемлери арқалы өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери сөйлесиўдиң тийкарын қурайды.

Тәреплер бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў, бул бағдардағы нызамшылықты жетилистириў ушын бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикирлесип алды.

М.Лерой Өзбекстан Президентиниң басламасы менен ҳаял-қызлардың ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

***

Вьетнам Социалистлик Республикасының вице-президенти Во Тхи Ань Суан менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң әмелий жақлары додаланды.

В.Суан Астана қаласында болып өткен Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңестиң гезектеги саммити шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен болып өткен нәтийжели сәўбетти ҳәм 2022-жыл октябрь айында Ташкентте қысқа мүддетли сапар менен болғанын жыллы еследи.

Ушырасыў ўақтында парламентлераралық қатнасықларды жолға қойыў ҳәм раўажландырыў, билимлендириўге байланыслы ҳәм басқа да биргеликтеги гуманитарлық бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

***

Бирлескен Араб Әмирликлери (БАӘ) Гендер теңлик кеңесиниң вице-президенти Мона Ғанем Ол Маррий менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының усы мәмлекетке рәсмий сапары еки мәмлекеттиң дослық ҳәм шериклик қатнасықлары тарийхында жаңа бет ашты, кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиўге күшли түртки берди.

Сөйлесиў ўақтында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, халықаралық рейтинглер, мәмлекетлик басқарыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын кеңейтиў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў мәселелери бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир алысты.

Сәўбет даўамында қатнасықлардың әмелий жақлары, атап айтқанда, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм басқа да тараўлардағы бағдарламаларды арнаўлы семинар ҳәм жойбарлар арқалы биргеликте әмелге асырыў имканиятларын көрип шығыў усыныс етилди.

Сәўбет жуўмағында тәреплер көп тәреплеме бирге ислесиўди, соның ишинде, гендер теңликти тәмийинлеў тараўында раўажландырыў бойынша бирдей пикир билдирди.

Сенаттың Баслығы ушырасыў өткерилген ханымларды Самарқанд қаласында болып өтетуғын Азия ҳаял-қызлар форумында қатнасыўға мирәт етти.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы