Өзбекистан Республикасы Президентиниң

қарары

Халқымыздың руўхый турмысы, миллий қәдриятларымыз бенен дәстүрлеримиздиң ажыралмас бир бөлеги болған, муқаддес ислам дининиң адамгершиликли мәнисин анық сәўлелендиретуғын Рамазан ҳайытын мүнәсип белгилеў, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт, жақсылық, қайыр-сақаўат ҳәм шүкиршилик сезимлерин күшейтиў, жасларымызда жоқары инсаныйлық пазыйлетлерди қәлиплестириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан мусылманлары мәкемесиниң 2018-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 15-июнь жума күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында» ғы 5290-санлы Пәрманына муўапық 2018-жыл 15-17-июнь күнлери-Рамазан ҳайытының биринши үш күни байрам сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Республикалық кеңеси ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан ҳайытының орынларда тәртипли ҳәм жоқары дәрежеде, халқымыздың миллий және диний дәстүрлерине сәйкес түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

   Өзбекистан Республикасы

          Президенти        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 11-июнь