Бүгин, 14-март күни Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаятының Сайхунабад районына барып, халықтың жасаў шараятлары менен танысады. Бул ҳаққында мәмлекет басшысының баспасөз хаткери Шерзод Асадов мәлим етти.
Райондағы мәҳәллелерден биринде мәмлекетимиз басшысының басшылығында қыйтақ жер ҳәм турақ жай хожалықларындағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы халықтың дәраматларын арттырыў бойынша видоеселектор мәжилиси өткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги