Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев басшылығында Төрткүл районында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша райондағы исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.

Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.

Ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди. Ҳәр қандай инвестициялық, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Илажда бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги