Жасалма интеллект ислеў процесинде жүдә көп муғдардағы электр жумсалады, бул ҳаққында The New Yorker журналы хабар берди.

Нидерландия Миллий банки аналитиги Алекс де Фрис келтирген санлар журналистлердиң итибарын тартты. Фристиң есаплаўынша, ҳәр күни ең ғалаба ен жайған ChatGPT чат-боты 200 миллион сораўға жуўап табады екен. Усы сервиске хызмет көрсетиўши серверлерге буның ушын 500 мың киловатт-саат энергия зәрүр.

Қәниге ChatGPT пайдаланған энергияны АҚШтағы орташа хожалық пайдаланатуғын 29 киловатт-саат энергия менен салыстырды. Усылар тийкарында Алекс де Фрис чат-боттың энергия жумсаўы жүдә жоқары, яғный 17 мың мәрте көп, деген жуўмаққа келди.

Жасалма интеллекттиң электр тармағына жүклемесин есаплаў қыйын жумыс. Таллаўларға бола, егер Google өз излеў системасына генератив жасалма интеллектти қосса, электр тутыныўы жылына 29 миллиард киловатт-саатқа асып кетеди. Бул, мәселен, Кения, Гватемала ҳәм Хорватия сыяқлы мәмлекетлердиң жыллық электр тутыныўынан көбирек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги