10-11-март күнлери Самарқанд ўәлаятында 16 жасқа шекемги жас өспиримлер ҳәм 18 жасқа шекемги жаслар арасында баскетболдың FIBA 3×3 түринен Өзбекстан кубоги өткерилди.
Онда республикамыздың жас баскетболшылары табыслы қатнасып, сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.
Атап айтқанда, 18 жасқа шекемги қызлар командасы финалға шекем жетип келип, чемпионлық ушын гүресте Наманган ўәлаятынан келген спортшылар менен өз-ара беллести. Қызғын өткен ушырасыў жуўмағында командамыз ағзалары өз қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан кубогин қолға киргизди.
Ал, 16 жасқа шекемги ер балалар ҳәм қызлар командасы болса, сыйлы үшинши орынға ылайық деп табылды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги