Бул ҳаққында МҒКАда өткерилген брифингте Миллий гвардия мәлимлеме хызмети басшысы Даврон Жуманазаров мәлим етти.

Ўәлаятлар бойынша алып барылып атырған мәнзилли жумыслар шеңберинде район ҳәм мәҳәллелер кесиминде ҳәр бир мектеп үйренилмекте ҳәм онда сабаққа келмеген 146 277 оқыўшыдан 96 708 (1,5%) и наўқас ҳәм жуўап сорағанлар, 49 569 (0,8%) и сабаққа себепсиз келмегенин атап өтеди.

Сондай-ақ, наўқасланыў сылтаўы менен сабаққа қатнаспаў жағдайлары да үйренилмекте. Тек ғана Қашқадәрья ўәлаяты мысалында алсақ, өткен ҳәптеде наўқас деп белгиленген оқыўшылардың үйлерине барып үйренилгенде 50 жағдайда наўқас емеслиги, керисинше себепсиз сабаққа келмегенлиги анықланған.

Сол себепли, тәлим-тәрбия бойынша миннетлемелерин орынламаған 124 мың ата-аналар рәсмий ескертилди, төрт мыңға шамалас адамға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына бола ҳәкимшилик шара көрилди.

Көрилип атырған илажлар нәтийжесинде республикадағы мектеплерде қатнас унамлы тәрепке өзгерип, сабаққа келмей атырған оқыўшылар күнине орташа 30 мыңға азайып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги