Руўхый пәклениў, жақсы әмеллерди орынлаў, жәмийетте мүриўбет, мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық сыяқлы қәдириятларды қәлиплестириўге умтылыўды өзинде жәмлеген, барлық мусылманлар ушын мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт еллердиң жетекшилери, ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары, белгили жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қутлықлаўлар келмекте.
Сырт елли шериклер мәмлекетимиздиң көп миллетли халқына тынышлық-абадан, ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирип, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўге таярлығын тастыйықлаған.
Атап айтқанда, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаян;
Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими Шайх Муҳаммед бин Рошид Ол Мактум;
Иран Ислам Республикасы Президенти Иброҳим Раисий;
Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров;
Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ал Саид;
Иордания Ҳошимийлер Патшалығы Патшасы Абдулла II;
Баҳрейн Патшасы Шайх Ҳамад ибн Исо Ал Халифа;
Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос;
Ислам бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Ҳусейн Ибраҳим Тоҳа;
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;
Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Ҳусрав Нозирий;
«Ал-Азҳар» комплекси басшысы Шайх Аҳмад Ат-Тоййиб.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.