Усы кунлери Ташкент қаласында спорттың қылышласыў түринен жаслар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.
Онда Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы спортшылар да табыслы қатнаспақта.
Атап айтқанда, сабля бағдары бойынша жигитлер арасында Муса Айтмуратов чемпионлықты қолға киргизген болса, екинши ҳәм үшинши орынлар да қарақалпақстанлы спортшылар Алпамыс Орақбаев, Азизбек Дәўлетназаров ҳәм Нурсултан Кеңесбаевларға несип етти.
Ал, қызлар арасында болса, алтын медалды финалда Аякөз Жумамуратованы 15:4 есабында жеңип шыққан Гүлистан Пердебаева қолға киргизиўге еристи.
Чемпионаттың қола медалларын, республикамыздың және бир ўәкили Наргиза Жақсыбаева ҳәм жиззақлы Самира Шокировалар ийелеўге миясар болды.
Бүгин Өзбекстан чемпионатында командалық беллесиўлер болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги