Нөкис қаласында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 8-9-10-класс оқыўшылары арасында «Миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Оған Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардан командалар қатнасты.
Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, Нөкис районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары биринши орынды ийелеп, Наманган ўәлаятында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Қараөзек ҳәм Шоманай районынан келген командалар жеңип алып, өз ықласбентлерин қуўанышқа бөледи.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги