Президент Шавкат Мирзиёев 7-март күни мәҳәллелерде халықтыӊ дәраматын арттырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажларын додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде жумыссызлықты азайтыў мақсетинде көплеген экономикалық бағдарламалар әмелге асырылмақта. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик қоллап-қуўатланып, аймақларда кәрханалар ашылмақта. Профессионал билимлендириў шөлкемлери ҳәм “Жумысқа мәрҳамат” моно орайларында халыққа заманагөй кәсип-өнерлер ҳәм шет тиллери үйретилмекте.

Быйыл 5 миллион халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, 2 миллион адамды исбилерменликке тартыў мақсет етилген. Буныӊ ушын мәмлекет тәрепинен барлық шөлкемлестириў ҳәм қаржы имканиятлары жаратылған.

Атап айтқанда, усы мақсетлерге 16 триллион сум ажыратылды. Сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Мәҳәлле кесиминде ислесиў агентлиги, Фермерлер кеӊеси қоры тәрепинен 1,4 триллион сум қаратылады.

Енди тийкарғы ўазыйпа – усы имканиятларды орынларда нәтийжели қолланып, халыққа дәрамат дәрегин жаратып бериў болып табылады.

Президенттиӊ тапсырмасына муўапық, Жиззақ ўәлаятыныӊ Ғаллеарал ҳәм Шараф Рашидов районлары мысалында бул бағдарда тез нәтийже беретуғын механизмлер ислеп шығылмақта. Келешекте бул система барлық аймақларда енгизиледи.

Мәжилисте Бас министрдиӊ орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров усы районлардағы жаӊа имканиятлар ҳәм оларды иске қосыў бойынша усынысларды билдирди.

Оған бола, ҳәр бир мәҳәллеге экономикалық комплекс шөлкемлериниӊ басшылары бириктириледи. Олар өзи жуўапкер болған мәҳәлледеги кәмбағал шаӊарақлар менен мәнзилли ислесип, адамлардыӊ дәраматын арттырыўға жәрдемлеседи. Арзан кредитлер, субсидия ҳәм жеӊилликли ресурслар, еӊ алды менен, халықты кәмбағаллықтан шығарыўға бағдарланады. Жасырын бизнес нызамластырылып, рәсмий жумыс орны көбейтиледи.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеӊеси де, мәҳәллеге жуўапкерлер менен бирге, халықтыӊ қыйтақ жерлеринде көп дәраматлы егин егиўди шөлкемлестиреди.

Жаӊа үскенелер ҳәм базар талапларын мәҳәллелерге жеткериў арқалы халыққа дәраматты арттырыўды үйретиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте министрлер ҳәм ҳәкимлердиӊ де пикирлери тыӊланды. Ўәлаят ҳәкимлерине раўажланыўдан артта қалып атырған районларда усы сыяқлы жумысларды шөлкемлестирип, үлги етиў, ҳәр бир мәҳәлле кесиминде жумыссызлықты азайтыў илажларын көриў тапсырылды.

ӨзА