Имканияттан пайдаланған исбилермен

228

Бүгин истиң көзин билетуғын ҳәр қандай адамға жумыстың түри көп. Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, исбилерменлик пенен шуғылланып атырғанлар сөзимиздиң дәлийли бола алады. Бул бағдарда елимизде исбилерменлерге бир қанша жеңилликлер жаратылып, имканиятлар есиги кеңнен ашылған.

Нөкис районы «Ақмаңғыт»  ППЖ аймағында жасаўшы Рүстем Турманов исбилерменлик исин баслаған болса, бүгин халықтың талабынан келип шығып, Нөкис районы «Ақмаӊғыт» ППЖ аймағында  «Pirman usta» шаӊарақлық кәрханасына қосымша әспаб-үскенелер алыў мақсетинде 32 млн 500 мыӊ сум жеӊиллетилген кредит алып, жаӊа жумыс орынларын жаратпақта.

-Ҳәким жәрдемшиси ҳәм пуқаралар жыйынына мүрәжат пенен шығып, банктен жеңиллетилген кредит алып, нан цехымызды иске түсирдик. Цехымызға Қытай мәмлекетинен печь алдырдық. Ҳәзир халқымызға ыссы нан өнимин жеткерип берип атырмыз. Цехымызда тоғыз адамды жумыс пенен тәмийинледик,-дейди исбилермен Р.Турманов.


Г.Турдашова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы