Бүгин, 5-март күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында спорт билимлендириўи ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жаңа заманагөй объектлерге барады. Бул ҳаққында мәмлекет басшысының баспасөз хызмети хабар берди.
Сондай-ақ, жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында иске қосылып атырған жаңа орайда мәмлекетимиз басшысы экология ҳәм жоллардағы тығылысқа байланыслы машқалаларды шешиўге қаратылған усыныслар менен танысады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги