Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Ана жер ҳәм тәбиятқа меҳир-муҳаббат, сақаўат ҳәм мүриўбет, дөретиўшилик ҳәм кең пейиллик сыяқлы халқымызға тән ийгиликли пазыйлетлер ең әййемги байрамымыз болған Наўрыз тымсалында әсирлер даўамында улығланып, жетилисип келмекте.
Әсиресе, бүгин, жәмийтимизде инсан қәдири жоқарыланып, бийбаҳа байлығымыз – жеримиз, суўымыз ҳәм тәбиятымызға, усы бағдардағы неше мың жыллық дәстүрлеримизге итибар күшейип баратырған Жаңа Өзбекстан шараятында бул байрамның турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Дүньяда қурамалы жағдай ҳүким сүрип атырған ҳәзирги қәтерли дәўирде Наўрыздың уллы адамгершилик мәниси, мәӊгилик идеялары, адамзатты тынышлық ҳәм дослықты қәдирлеп, өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршиликте жасаўға, өмирди және де гөззал ҳәм абадан етиўге ийтермелейтуғын дөретиўшилик руўҳы ҳәм философиясы жер жүзиндеги түрли халықлардыӊ уллы умтылысларына да оғада үнлес ҳәм сәйкес.
Әне усындай бийбаҳа пазыйлетлери менен бүгин де жақсылық ҳәм раўажланыўға хызмет ететуғын, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған Наўрыз дүньяныӊ шексиз әҳмийетин есапқа алып ҳәм усы әйяямды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўларға сәйкес ҳалда, ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде:
- 2024-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамы мәмлекетимизде “Дүнья нурға толсын сениӊ менен, Наўрыз!” деген баслы идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллери түринде көтериңки руўх ҳәм жоқары дәрежеде кеңнен белгиленсин.
- 2024-жылғы Навўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) дүзилсин ҳәм оныӊ қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов) бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардыӊ орайлары, барлық қала ҳәм районлар, аўыллларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамын мүнәсип белгилеў бойынша шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсият илажлары бағдарламасын тастыйықласын, сондай-ақ, оныӊ әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Орынларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамыныӊ барлық илажларын миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз, заманагөй тәжирийбелер тийкарында жоқары дәрежеде, ғалабалық сейиллер түринде шөлкемлестириў, оларда халқымыздыӊ белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
байрам илажларын бәҳәр әйяямында тиришиликтиӊ ояныўы, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлеслик, ана жеримизге меҳир ҳәм итибарды сәўлелендиретуғын, ўатанласларымызды бүгинги тыныш ҳәм абадан турмысымызды қәдирлеп, шүкирлик сезими менен жасаўға шақыратуғын мәнис-мазмун менен тәсиршеӊ усылларда өткериў;
мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, халқымыздыӊ күнделикли турмысы, санасы ҳәм дүньяқарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер Наўрыздыӊ әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлерине үнлес екенин көрсетиў;
Ташкент қаласындағы “Жаӊа Өзбекстан” комплексинде айрықша бағдарлама тийкарында халық сейиллерин шөлкемлестириў;
быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан айында белгилениўин инабатқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў, “Меҳрибанлық”, “Сақаўат” ҳәм “Мүриўбет” үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардыӊ жағдайынан хабар алыў, олар ушын дастурханлар шөлкемлестириў, ҳәр түрли қайырқомлық илажларын әмелге асырыў;
“Жасыл мәкан” улыўмамиллий жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, Наўрыз байрамы қарсаӊында республикамыздыӊ барлық аймақларында, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына қаратылған улыўмахалықлық шембилик өткериў;
жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеўге қаратылған жойбар ҳәм акциялар шөлкемлестириў, журтымызда жасап атырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниӊ Наўрыз байрамыныӊ руўхы ҳәм философиясына үнлес болған үрп-әдет, дәстүр ҳәм қәдириятларын кеӊнен көрсетиў;
байрам илажлары даўамында өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша беллесиўлерди өткериў, китап көргизбелери, арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ярмаркалары, көшпели саўда дүканларын шөлкемлестириў, көклем тағамларын таярлаў ҳәм олардыӊ көргизбе-саўдалары ҳәм таӊлаўларын шөлкемлестириў;
барлық қала ҳәм аўылларда өткерилетуғын байрам салтанатларында, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамыныӊ тарийхы, ҳәр бир аймақтағы оны белгилеў менен байланыслы үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди кеӊнен сәўлелендириў.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы (О.Ҳасанов), Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап өткерилген театрластырылған концерт тамашасыныӊ бағдарламасы ҳәм сценарийин ислеп шықсын;
бул концерт тамашасын тәжирийбели сценарист ҳәм режиссёрлар, композитор ҳәм мелодистлер, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнери ўәкиллери менен биргеликте, жоқары көркем дәрежеде таярлаў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Наўрыз улыўмахалықлық сейиллерин өткериў бойынша аймақлық илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
улыўмахалықлық сейиллер шөлкемлестирилетуғын тийкарғы майданлар, көше ҳәм қыябанларды миллий усылда байрамға сай безеў;
улыўмахалықлық сейиллерге жергиликли фольклор топарлары, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлери, цирк көркем өнери ўәкиллери, шаӊарақлық ансамбльлер, бақсылар, шайырлар, профессионал атқарыўшылар ҳәм талатлы эстрада артистлерин белгиленген тәртипте кеӊнен тартыў;
байрам илажлары шеӊберинде ҳәр бир аймаққа тән болған халық ойынлары, тамашалар, көргизбелер өткериў, бәҳәр тағамлары сатылатуғын ашық асханалар шөлкемлестириў;
б) байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда, көшелер, майдан ҳәм қыябанларды безеўде маман қәнигелерден ибарат дөретиўшилик топарларды кеӊнен тартсын;
в) барлық илажлар жәмийетлик қәўипсизлик талапларына қатаӊ әмел еткен ҳалда өткерилиўи тәмийинленсин.
- Белгилеп қойылсын, өткерилетуғын байрам илажлары:
Ташкент қаласында – республика бюджети ҳәм Ташкент қаласыныӊ жергиликли бюджети қаржылары есабынан теӊ үлеслерде;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм орынлардағы қәўендерлик қайырқомлық акциялары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агетлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, “Дунё” мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды толық түрде сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардыӊ орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О.Қ.Абдураҳмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 4 март