Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў, жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў арқалы халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, исбилерменлик орталығын жақсылаў, бәнтликти тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, алып барылған таллаў нәтийжелери орынларда халықты исбилерменликке тартыў ҳәм сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, бәнтликти тәмийнлеў, өз мийнети менен дәрамат табыў тилегинде болған пуқараларға әмелий жәрдем көрсетиў, мийнет ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў жумыслары талап дәрежесинде емес екенлигин көрсетпекте.

Мийнеткеш халқымыздың ески кәсип-өнер дәстүрлери, исбилерменлик потенциалы  шаңарақлық исбилерменлик, өнерментшилик, үй мийнети ҳәм басқа да исбилерменлик жумысының түрлерин кеңнен ен жайдырыў, егислик жерлерден өнимли пайдаланған ҳалда аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў ушын үлкен тәжирийбе ҳәм резервтиң бар екенлигинен дәрек береди.

Ҳәр бир шаңарақтың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ҳәм турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Елимиздиң ҳәр бир районында ҳәм қаласында, бәринен бурын алыс ҳәм тәбийғый-ықлым шараяты аўыр аймақларда халықтың материаллық шараятларын түп-тийкарынан жақсылаў, турмыс тәризи сапасында ҳәм дәрежесинде сезилерли унамлы өзгерислер әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылған «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Төмендегилер Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған халықтың исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жеңилликли кредитлер ажыратыў және исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыўдың ҳәр бир басқышында жуўапкер ведомстволар тәрепинен системалы әмелий жәрдем көрсетилиўин тәмийинлеў;

исбилерменлик ҳәм дәрамат келтиретуғын жумыс пенен шуғылланбаған халыққа исбилерменлик көнликпелерин үйретиў ҳәм тийисли жумыс түрин шөлкемлестириўге әмелий жәрдем  көрсетиў;

исбилерменлик субъектлериниң жумысын кеңейтиўге әмелий жәрдем бериў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыў;

үй мийнети ҳәм киши көлемде ислеп шығараўшы субъектлерди (микрофирмаларды) шөлкемлестириў ушын қаржылай жәрдем бериў арқалы халыққа қосымша дәрамат ислеп табыў имканиятын жаратыў;

аўыллардың ҳәм мәҳәллелердиң қәнигелесиўин (өнерментшилик, тигиўшилик, аўыл хожалығы өнимлериниң айырым түрлерин жетистириў, киши ыссыханалар шөлкемлестириў ҳәм басқалар) есапқа алған ҳалда усы тараўда унамлы нәтийжелерге ерискен исбилерменлик тәжирийбесине ийе исбилерменлерди мәҳәллелерде жаңа бизнес жумысы менен шуғылланыўды баслаған шаңарақларға бириктириў – мини-кластерлер шөлкемлестириў;

орынларда шаңарақлық исбилерменликке көрсетилетуғын хызметлер көлемин түп-тийкарынан кеңейтиў, исбилермен шаңарақлардың ислеп шығарған өнимлериниң саўдасын шөлкемлестиретуғын базар инфраструктурасы объектлерин, хызмет көрсетиў ҳәм сервис шақапшаларын қурыў;

аўылларда ҳәм мәҳәллерде бос турған жер майданларын жаңа шөлкемлестирилип атырған шаңарақлық исбилерменлик субъектлерине бериў арқалы халық ушын қосымша жумыс орынларын ҳәм дәрамат дәреклерин жаратыў;

ўақтыншалық қаржы-хожалық жумысын әмелге асырмай атырған және мәмлекетлик дизимнен өтпей жумыс жүргизип атырған исбилерменлерди анықлап, олардың жумысын тиклеў ҳәм нызамлы етиў бойынша анық илажларды әмелге асырыў.

  1. Бағдарламаны әмелге асырыў ушын төмендеги жумысшы топарлар дүзилсин:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары басшылығында «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды муўапықластырыў бойынша шөлкемлестириўшилик жумысшы топарлар (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлар);

инвестициялар, инновациялар, жеке меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелерине жуўапкер болған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң орынбасарлары басшылығында Халыққа исбилерменлик көнликпелерин үйретиў ҳәм усыныслар бериў бойынша арнаўлы жумысшы топарлар (кейинги орынларда – Арнаўлы жумысшы топарлар);

район (қала) ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары басшылығында Исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўге әмелий жәрдем бериў және мониторинг етиў бойынша аймақлық жумысшы топарлар (кейинги орынларда – Аймақлық жумысшы топарлар).

Онда:

Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлар Орайлық банктиң аймақлық басқармалары, аймақлық қаржы, салық, инвестиция басқармалары, коммерциялық банклердиң аймақлық филиаллары ҳәм экономикалық комплекске киретуғын басқа да ведомстволардың жуўапкер хызметкерлери, Өзбекстан фермер-дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң аймақлық бөлимлери ўәкиллери;

Арнаўлы жумысшы топарлар аймақлық Саўда-санаат палатасы инвестиция, салық басқармалары, коммерциялық банклердиң аймақлық филиаллары, «Өнермент» ассоциациясы, Өзбекстан фермер-дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң аймақлық бөлимлери ўәкиллери;

Аймақлық жумысшы топарлар экономикалық комплекске киретуғын шөлкемлердеги маман қәниге хызметкерлердиң 50 процент бөлегинен, банк филиаллары, Өзбекстан фермер-дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң районлық бөлимлери, мәкан пуқаралар жыйынларының хызметкерлери ҳәм профилактика инспекторларынан ибарат қурамда қәлиплестириледи.

  1. Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарларға:

Аймақлық жумысшы топарлардың ҳәр бир шаңарақты үйрениў нәтийжелери бойынша жумысларын муўапықластырыў;

Аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен үйрениў нәтийжелери бойынша киргизилген машқалаларды шешиў илажларын көрип барыў, республика көлеминде шешилиўи зәрүр болған мәселелерди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине, тийисли министрликлерге ҳәм ведомстволарға киргизип барыў;

район ҳәм қалаларда исбилерменлик жумысының раўажланыўы ушын қосымша илажларды әмелге асырыў, буннан былай да қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

халықты исбилерменликке тартыў, жумыс ислеп атырған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша Аймақлық жумысшы топарлардың жумысын турақлы түрде мониторинг етип барыў ҳәм ҳәр айдың нәтийжелери бойынша олардың жумысын жетилистириў илажларын белгилеў;

ҳәр бир районда ҳәм қалада Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққында Бағдарлама координаторларына толық мәлимлеме киргизип барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Арнаўлы жумысшы топарларға:

исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған пуқараларды усы жумысқа бағдарлаў ушын орынларға шыққан ҳалда «Исбилерменлик жумысын әмелге асырыў тийкарлары ҳәм оның жергиликли шараятларға сәйкес түрлери» темасында оқыў шынығыўларын өткерип, оларға анық есап-санақлар тийкарында ислеп шығылған ҳәр қыйлы бағдарлардағы таяр бизнес-режелерди усыныў;

ишки ҳәм сыртқы базарларды турақлы түрде үйренип барған ҳалда турақлы және әҳмийетли талапқа ийе болған өнимлердиң дизимин ҳәм көлеми бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, ҳәр айда жаңалап барыў және усы мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағынан кеңнен пайдалана отырып, халыққа турақлы түрде жеткерип барыў ҳәм бағдарлар берип барыў;

өтимли өнимлерди ислеп шығарыў ушын заманагөй мини-технология ҳәм басқа да үскенелердиң исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған шаңарақларға таныстырыўды өткериўге ҳәм сатып алыўына көмеклесиў;

көп қабатлы жайларда жасайтуғын халыққа жумысты үйге алып ислеў ҳәм киши көлемде өним ислеп шығаратуғын микрофирмаларды шөлкемлестириў арқалы қосымша дәрамат табыў имканиятын жаратыў;

исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлерди сатыў (соның ишинде, бюджет шөлкемлерине) арқалы олардың жумысына көмеклесиў жүкленсин.

  1. Аймақлық жумысшы топарларға:

ҳәр бир шақарақ ҳәм хожалықларды хатлаў тийкарында қамтып алған ҳалда исбилерменлик пенен шуғылланыў потенциалын, тилек ҳәм усынысларын терең үйрениў;

үйрениў даўамында шаңарақлардың исбилерменлик идеясы ҳәм көнликпеси, усы жумысты әмелге асырыў ушын жетерли шараятларының бар екенлигин анықлаў;

жеке тәртиптеги  ҳәм көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын ҳәр бир шаңарақтың исбилерменлик потенциалын ҳәм имканиятларын таллаў, жасаў аймағының шараятынан келип шыққан ҳалда олардың исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўлери ушын кең қамтыйтуғын бағдарлар бериў ҳәм көмеклесиў;

исбилерменликти жолға қойыў ямаса раўажландырыў тилегинде болған шахсларға коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ажыратыў жумысларын шөлкемлестириў;

халықтың жеке қыйтақ жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар бериў, оларды әмелге асырыўға көмеклесиў;

исбилерменлик пенен шуғылланып атырған ҳәм жумыс түрин кеңейтиў тилегин билдирген шаңарақларға жаңа жойбарларды әмелге асырыў және айырым себеплерге бола жумысын тоқтатқан исбилерменлик субъектлери ҳәм өнерментлердиң жумысын қайта тиклеў ушын тийисли шараятлардың жаратылыўына және бар машқалалардың шешилиўине әмелий жәрдем бериў;

исбилерменлик жумысын шөлкемлестириў, оны әмелге асырыўда ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўинде усыныслар және көмек бериў;

ҳәр айда кеминде бир мәрте исбилерменликти жаңадан шөлкемлестирген шаңарақларға барып, жумысы даўамында жүзеге келип атырған машқалаларды үйренип барыў, оларды сапластырыў ҳәм ажыратылған жеңилликли кредитлерден пайдаланыў нәтийжелилигин үйрениў;

үйрениў нәтийжелери бойынша аймақлық ҳәм республикалық көлемде шешилиўи зәрүр болған мәселелерди ҳәм усынысларды Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарларға киргизип барыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Бағдарламаның әмелге асырылыўын муўапықластырыў, системалы мониторинг етиў ҳәм жүзеге шығарылыўына көмеклесиў Өзбекстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары А.Р.Каримовқа. экономика министриниң орынбасары А.Ж.Ортиқовқа, Орайлық банк баслығының орынбасары А.Р.Исламовларға – Бағдарлама координаторларына жүкленсин.

Бағдарлама координаторлары жумысшы топарлар тәрепинен исленип атырған жумыслар бойынша ҳәр айдың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына мәлимлеме киргизип барсын.

  1. Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорына зәрүр болған жағдайларда Бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды қосымша қаржыландырыў усыныс етилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда – Қор) Бағдарлама шеңберинде исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредитлерге тийкарғы түрде кепилликлер ҳәм процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсациялар ажыратсын.

Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлар Қорға исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация берилетуғын бағдарларды кеңейтиў бойынша усыныслар киргизип барсын.

  1. Коммерциялық банклер тәрепинен жеңиликли кредитлер:

ең аз мийнет ҳақының  жүз елиў есесине шекемги муғдарда – шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың басшылары ҳәм мәкан пуқаралар жыйынының усыныслары;

ең аз мийнет ҳақының мың есесине шекемги муғдарда – белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткен киши исбилерменлик субъектлерине үшинши шахстың кепиллиги, қамсызландырыў полислери, кредит есабынан сатып алынып атырған мүлклердиң гиреўи, Қордың кепиллиги ҳәм нызам ҳүжжетлери шеңбериндеги басқа да тәмийнат түрлери;

ең аз мийнет ҳақының мың есесинен аслам муғдарда – исбилерменлик субъектлериниң инвестициялық жойбарларын кредитлеўде нызам ҳүжжетлери шеңберинде белгиленген тәмийнат түрлерине тийкарланып ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Бағдарлама координаторларына район ҳәм қалаларда киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен нәтийжелилиги жоқары, турақлы жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарларға ең аз мийнет ҳақының мың есесинен аслам муғдарда Бағдарлама шеңбериндеги ресурслар есабынан жеңилликли кредит ажыратыўға Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлардың қарарына тийкарланып шешим бериў ўазыйпасы жүкленсин.

Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлардың ағзалары өз қарары тийкарында жеңилликли кредит ажыратылған жойбарлардың толық иске қосылыўын және келешекте усы жойбарлардың нәтийжели ислеўин мониторинг етсин.

Бағдарлама координаторлары Шөлкемлестириў муўапықластырыўшы жумысшы топарлардың қарарлары тийкарында кредит ажыратылған инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы жағдайын айрықша қадағалап барсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги қамсызландырыў шөлкемлери менен биргеликте коммерциялық банклер тәрепинен жеңилликли кредитлердиң қайтпаў қәўпи қамсызландырылғанда қамсызландырыў төлемин 1,5 проценттен аслам болмаған муғдарда белгилеў және қамсызландырыў шәртлерин жеңиллетиў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте пайдаланылмай атырған жер майданларын инвентаризациядан өткерип, белгиленген мүддетлерде пайдаланылмаған жер участкаларына болған ҳуқықларын нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте бийкар етилиўи және усы жер майданларын Бағдарлама шеңберинде жумысын баслап атырған ҳәм кеңейтип атырған исбилерменлик субъектлерине ажыратыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәмлекетлик дизимнен өтпей жумыс ислеп атырған исбилерменлерди анықлаў ҳәм олардың жумысын нызамлы етиў бойынша анық илажларды әмелге асырсын ҳәм нәтийжеси бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте турақлы түрде район ҳәм қалаларда заманагөй мини-технологиялар ҳәм басқа да үскенелердиң көшпели көргизбелерин шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  5. Усы жыл 10-июньнен баслап үлги түринде Әндижан ўәлаятының район ҳәм қалаларында «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» аймақлық бағдарламасы (кейинги орынларда – Аймақлық бағдарлама) әмелге асырылсын.

Әндижан ўәлаятының ҳәкими (Ш.Қ.Абдураҳмонов) усы жылдың 10-июнине шекем көрсетилген жумысшы топарларды дүзсин.

  1. Аймақлық бағдарламада нәзерде тутылған ўазыйпаларды қаржылай тәмийинлеў мақсетлерине Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен тартылатуғын сырт ел қаржы институтларының кредит линияларынан 200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылардың ажыратылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Бағдарлама координаторлары усы қаржыларды районлар (қалалар)дың потенциалы, келип түскен мүрәжатлардың тийкарлылығы, қәлиплестирилген жойбарлардың перспективалы ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыўға бағдарланғанлығы және ҳақыйқый талаптан келип шыққан ҳалда Әндижан ўәлаятының коммерциялық банклери ҳәм районлар (қалалар) кесиминде бөлистирилсин және оларға зәрүр жағдайрларда қайта бөлистириў ўәкиллиги берилсин.

Өзбекстан Республикасы Сыртқы Экономикалық хызмет миллий банки (А.К.Мирсоатов) усы кредит қаржыларын Бағдарлама координаторларына бөлистириўге тийкарланып Әндижан ўәлаятында жумыс алып баратуғын коммерциялық банклерге жыллық 3 процент төлеў шәрти менен қайта қаржыландырсын.

  1. Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Қ.Абдураҳмонов) мәпдар министрликлер, ведомстовлар ҳәм хожалық бирлеспелери, Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки менен биргеликте:

бир ай мүддетте нәсилли қара мал, таўық ҳәм қоянларды жергиликли шараятларға бейимлестиретуғын арнаўлы фермерлерди шөлкемлестириў;

усы фермерлерге сырт елден өнимлилиги жоқары болған нәсилли қара мал, ешки ҳәм қоянларды алып келиў, көбейтиў және ўәлаяттың тәбийғый-ықлым шарятларына сай түрлерин жаратыў, малларды жасалма қашырыўдың алдынғы технологияларын енгизиў;

арнаўлы фермаларда жергиликли шараятларға бейимлестирилген нәсилли қара мал. ешки ҳәм қоянлардың көргизбелерин шөлкемлестириў ҳәм халықтың тилегине тийкарланып оларды таңлаў тийкарында қолайлы болған баҳаларда сатып алыныўына шараят жаратыў;

халыққа арнаўлы фермалардан сатып алынған шарўашылық өнимлери, қоян ҳәм қусларды бағыў технологияларын толық түсиндириў ҳәм келешекте ҳәр бир хожалықта бар қара малларды ҳәм қусларды вакцинация етиў илажларын әмелге асырыў, халыққа нәсилли малларды жасалма қашырыў ҳәм үзликсиз ветеринария хызметлерин көрсетиў тармағын кеңейтиў;

сапалы аралас жем ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў бойынша жойбар интакерлерине ҳәр тәреплеме көмеклесиў, халықтың жыллық талабын есапқа ала отырып, аралас жем, витаминлер, премикслер, қосымшалар және ветеринария препаратларын жеткерип бериў;

ири исбилерменлерди тартқан ҳалда санаатласқан шарўашылық кластерлерин шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоров, сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Б.З.Асадов Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.Қ.Абдураҳмонов пенен биргеликте шаңарақлық исбилерменлик жумысының алдынғы раўажланған сырт ел тәжирийбесин үйрениў ушын Әндижан ўәлаятының экономикалық комплексиниң жуўапкер хызметкерлерин хызмет сапарына жибериў бойынша тийисли илажларды көрсин.
  2. Республиканың басқа аймақларында Бағдарлама оны әмелге асырыўдың анық қаржылай дәреклерин ҳәм есап-санақларын нәзерде тутқан ҳалда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Орайлық банкине Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте «Ҳәр бир шаңарақ- исбилермен» бағдарламасы шеңберинде кредитлерди ажыратыў тәртибин ислеп шығыў усыныс етилсин.
  4. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына усы қарар менен белгилеп берилген мақсет ҳәм ўазыйпаларды кең көлемде сәўлелендириў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 7-июнь