ӨЗБЕКИСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИӉ ҚАРАРЫ

Елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыўдың әҳмийетли шәрти болған ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў, олардың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, сөз ҳәм баспасөз еркинлиги, пикирлердиң ҳәр қыйлылығына ерисиў, пуқараларымыздың мәлимлеме алыў, өз пикирин еркин билдириў бағдарындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Ҳәзирги ўақытта, бүгинги жеделлескен мәлимлеме дәўиринде елимиздеги ғалаба хабар қуралларының жумысын муўапықластырыў, оларға тийисли дөретиўшилик-методикалық жәрдем ҳәм көмек бериў, журналистлердиң профессионаллық маманлығын арттырыў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, социаллық турмыслық шараятларын жақсылаў, тараў ушын кадрлар таярлаў бағдарында бир қатар әҳмийетли машқалалар өз шешимин күтип тур.

Бул бағдарда бәринен бурын Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын түп-тийкарынан жетилистириўди турмыстың өзи талап етпекте.

Әне, усы зәрүрликтен келип шыққан ҳалда ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысын кең түрде қоллап-қуўатлаў, мүлкшилик түрине қарамастан, газета-журналлар, телерадиоканаллар, мәлимлеме агентликлери ҳәм Интернет басылымларында мийнет етип атырған авторлардың нызамлы ҳуқықлары менен  мәплерин қорғаў, оларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў, жумыс ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, журналист кадрлардың профессионаллық шеберлигин арттырыў системасын жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамын сақлаў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў қәрежетлери, сондай-ақ, Аўқамның ҳәм Аўқамға қараслы болған Республикалық Миллий баспасөз орайының материаллық-техникалық базасын раўажландырыўды қаржыландырыў дәреги етип Өзбекистан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў бойынша «Илҳам» жәмийетлик фонды (кейинги орынларда «Илҳам» жәмийетлик фонды деп жүргизиледи)ның қаржылары ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дереклер белгиленсин.

Аўқамның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў қәрежетлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен «Илҳам» жәмийетлик фондына ажыратылатуғын бюджет қаржылары (субсидия) есабынан қапланыўы нәзерде тутылсын.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Аўқамның Ташкент қаласы, Шайхантохур районы, Ислам Кәримов көшеси, l6-А жайға орналастырылыўын тәмийинлесин.
  2. «Өзавтосанаат» акционерлик компаниясының Аўқамға қәўендерлик тийкарында l дана «Дамас» маркалы автомашинасын ажыратыў ҳақындағы усынысы мақуллансын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Аўқам менен биргеликте жәрдемге зәрүрлиги бар ҳәм белсенди журналистлерди жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында турақ жай яки жер участкалары менен тәмийинлеў жумысларын белгиленген тәртипте жолға қойсын.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы  Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

20l7 жыл l0-август.