БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм Орайлық Азия регионаллық бюросы «Тең келешек» онлайнплатформасы иске қосылды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген онлайн видеоконференцияда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева қатнасты.

Онлайн сәўбетте БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Европа ҳәм ҒМДА Регионаллық бюросының директоры Ивана Живкович, сондай-ақ, Раўажланыў бағдарламасы бөлимлериниң басшылары, қәнигелери, илимий-экспертлик топар ўәкиллери қатнасты.

Бул платформа 2020-жылы БМШ Раўажланыў бағдарламасының Стамбул регионаллық орайы тәрепинен Европа ҳәм Орайлық Азиядағы 19 мәмлекет парламентлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтларына гендер теңлик тараўында мәлимлеме ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде иске қосылған. Платформа ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы қатнасы бойынша онлайн билим орайы есапланады.

Сенаттың Баслығы, Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияның баслығы Т.Норбоева бул ретки ушырасыў барлық мәмлекетлер ушын оғада әҳмийетли екенин, себеби гендер сиясаты жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли факторы екенин айрықша атап өтти.

Өзбекстанда бул бағдарда ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық тараўларға жедел тартыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғаны, сондай-ақ, гендер теңлик мәселелеринде регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша мәмлекетимиздиң халықаралық басламаларына тоқтап өтти.

Илаж қатнасыўшылары усы онлайн-платформа гендер теңлик мәселелерин шешиў ушын түрли додалаўлар шөлкемлестириў, тренинг ҳәм түрли илажларды биргеликте өткериў, Европа ҳәм Орайлық Азия регионларында гендер теңлик тараўында мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын нәтийжели платформа болып хызмет ететуғынын атап өтти.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы