Президентимиздиң басшылығында пуқараларымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, әмелге асырылып атырған реформалардың ҳәр бир шаңараққа кирип барыўын тәмийинлеў, пуқаралар жыйынларын ҳәр тәреплеме абат етиў ҳәм ең шетки аймақларды да абаданласқан мәнзиллерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.  

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Шымбай районының аўыр аймақларының бири болған “Пәшентаў” аўыл пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасты.


Онда аймақ ушын тийисли қаржылар ажыратылып, кең көлемли абаданластырыў, турғынлардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелий жумыслар алып барылатуғынлығы атап өтилди. Аўыл пуқаралар жыйыны ушын режелестирилген барлық қурылыс жумысларының өз ўақтында, сапалы алып барылыўы турақлы түрде қадағалаўда болатуғынын атап өтти.

Соның менен бирге, аўыл халқының жасаў шараятын жақсылаў, оларды бүгинги турмысынан разы етиў, “Абат аўыл, абат көше, абат үй” принципи тийкарында барлық жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги