Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Шымбай районындағы мәҳәлле белсендилери, көше бийлери ҳәм район жуўапкерлери менен ушырасты.
Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң тиккелей итибары ҳәм ғамхорлығы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген имканият ҳәм жеңилликлер, усы тийкарда халқымыз турмысына терең кирип барып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Шымбай районын раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылы да даўам еттириледи.
Өткерилген ушырасыўда Шымбай районын раўажландырыў бойынша район ҳәкиминиң 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслары ҳәм белгиленген ўазыйпалары бойынша презентациясы тыңланды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасыўда зыярат орынларын абаданластырыў, оларға алып барыўшы жолларды оңлаў бойынша жумыслар басланғанлығын атап өтти. Усының менен бир қатарда классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ бабаларымыз жерленген «Қарақум ийшан» қойымшылығына алып барыўшы жол қайта оңланатуғынлығы, қойымшылықты зыярат туризминде айрықша әҳмийетли мәнзиллердиң бирине айландырыў бойынша әмелий илажлар көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги