Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Қысқа дәўир ишинде елимизди жедел социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажландырыў, биринши гезекте, аўыллық жерлерде халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, сондай-ақ, реформаларды әмелге асырыўда пуқаралардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалар, нызам ҳүжжетлери қабыл етилди.

Сенаторлар ҳәм депутатлар корпусы, пуқаралар жыйынлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда, орынларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын ҳәр тәреплеме ҳәм терең үйрениў, халық пенен тиккелей пикирлесиўдиң сапа жағынан жаңа және нәтийжели түрлерин енгизиў бойынша анық мақсетке бағдарланған илажлардың нәтийжелери усы бағдарламалар менен ҳүжжетлердиң қабыл етилиўине тийкар болды.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде қабыл етилген 20 дан аслам нызамлар, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 180 нен артық пәрманлары ҳәм 450 ден зыят қарарларында нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў ҳәзирги басқышта гөзленген мақсетлерге ерисиўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

Соның менен бирге, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы, сондай-ақ, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм жумысын баҳалаўдың әмелдеги системасы алдымызға қойылған ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге мүмкиншилик бермей атыр. Атап айтқанда,

бириншиден, атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимияттың орайлық уйымларының жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўиниң дәрежеси аймақларда шешимин күтип турған машқалаларды шешиў бойынша үйлесикли жумысты тәмийинлемейди. Көпшилик жағдайларда олардың жумысы бир мәртелик қәсийетке ийе, айрықша тапсырмаларды орынлаўдан ибарат болып қалған. Оның үстине, орынларда жыйналып қалған машқалаларды шешиў бойынша зәрүр дәрежеде инта көрсетилмей атыр;

екиншиден, атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымларындағы лаўазымлы шахслардың аймақларға хызмет сапарларын нәтийжели муўапықластырыўдың жоқлығы әмелге асырылып атырған илажлардың қайталаныўына алып келмекте, ақыбетинде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын тийкарғы функционаллық миннетлемелерин орынлаўдан шетлетпекте;

үшиншиден, социаллық-экономикалық реформалар процесин баҳалаў әмелияты орынларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын сын көз-қарастан талқылаўға тийкарланбаған, ең тийкарғысы ерисилген экономикалық көрсеткишлер халықтың турмыслық сапасына қай дәрежеде унамлы тәсир етип атырғанлығына қатаң баҳа берилмей атыр. Республикадағы мәмлекетлик уйымлардың аймақлардан бөлекленип қалғанлығы аймақлардың өзине тән өзгешеликлерин, раўажланыў дәрежесин ҳәм талап-мүтәжин инабатқа алған ҳалда, тийкарланған және ҳәр тәреплеме пуқта ойланған социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў имканиятын бермей атыр;

төртиншиден, республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржыларын қәлиплестириў және бөлистириўдиң, инвестициялық бағдарламаларды ислеп шығыўдың ҳәм орынлаўдың әмелдеги механизмлери, биринши гезекте, ең тийкарғы жойбарларды мәнзилли, өз ўақтында ҳәм тең салмақлы қаржыландырыўды тәмийинлемей атыр;

бесиншиден,  аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша анық мақсетке бағдарланған жумысларды шөлкемлестириўдиң орнына көпшилик жағдайларда көплеген мәжилислер өткерилмекте ҳәм олардың жуўмағы бойынша ойланбаған қарарлар қабыл етилмекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түскен, халықты арзан турақ жай ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў, сапалы коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да салалардағы турмыслық әҳмийеттеги мәселелер көтерилген бир миллионнан аслам мүрәжатлер жоқарыдағылардан дәрек бермекте.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша  Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды сөзсиз әмелге асырыў, жумысты шөлкемлестириў, биринши гезекте, жәмийетшиликтиң алдында есап бериў түрлери менен усылларын түп-тийкарынан жетилистириў, халықтың турмыс сапасын және дәрежесин арттырыў, мәмлекетлик уйымлардағы басшылардың жуўапкерсизлиги жағдайларының жүзеге келиўин қатаң түрде сапластырыў және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлериниң итибары Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған илажлар менен тапсырмалардың орынланыўын шөлкемлестирўдеги үлкен кемшиликлерге, сондай-ақ, көрилип атырған илажлардың күтилип атырған нәтийжелерди бермей атырғанлығына қаратылсын.

Көрсетилген басшылар Өзбекистан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардың сөзсиз және нәтийжели әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкершилиги ҳаққында ескертилсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының, Министрлер Кабинетиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң орынларда жумысларды шөлкемлестириўдиң төмендегилерди нәзерде тутатуғын улыўма жаңа системасын енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, районлар, қалалардың аймақларын тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар)дың ҳәкимлери, прокуратура, ишки ислер ҳәм мәмлекетлик салық хызметиниң аймақлық уйымларының басшылары басшылық ететуғын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторларға (кейинги орынларда секторлар деп аталады) бөлиў;

секторлардың басшыларына аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпаларын шөлкемлестириў ҳәм шешиў, соның ишинде, халықтың ең әҳмийетли машқалаларын шешиў бойынша жуўапкершилик жүклеў және ўәкилликлер бериў;

аймақларды Өзбекистан Республикасының Бас министри ҳәм оның орынбасарларына 1-қосымшаға муўапық бириктириў;

денсаўлықты сақлаў саласындағы реформалардың әмелге асырылыўы үстинен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы тәрепинен парламентлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў;

ҳуқықбузарлықларды профилактика етиў ҳәм олардың ерте алдын алыў бойынша комплексли илажлардың әмелге асырылыўы үстинен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен парламентлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәм Сенаты Кенгашлерине:

реформалардың табыслы әмелге асырылыўын тәмийинлеўге қаратылған илажларды системалы ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў, улыўмаластырыў және ислеп шығыўға жуўапкер болған депутатлар менен сенаторларды аймақларға бириктириў;

тийисли лаўазымлы шахслардың, биринши гезекте, халықтың алдында мапазлы есап бериў системасын, олардың жумысын баҳалаў өлшемлерин, сондай-ақ, жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын жуўапкершилик илажларын нәзерде тутқан ҳалда, денсаўлықты сақлаў саласындағы реформалар, ҳуқықбузарлықларды профилактика етиў ҳәм олардың ерте алдын алыў илажларының әмелге асырылыўы үстинен парламентлик қадағалаўдың нәтийжели түрлерин енгизиў бойынша жумысларды шөлкемлестириўдиң үлги тәртибин тастыйықлаў усыныс етилсин.

  1. Төмендегилер секторлардағы басшылардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

бириншиден, турақ жай коммуналлық ҳәм жол хожалығы, энергия, суў ҳәм ыссылық тәмийнаты, транспорт қатнаўы, архитектура, арзан турақ жайлар қурыў, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, үлгили мәҳәлле және жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлерин қәлиплестириў саласындағы машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша анық мақсетке қаратылған илажларды өткериў;

екиншиден, социаллық қорғаўдың мәнзилли екенлигин, тутыныў базарында баҳалардың турақлылығын, социаллық сала объектлери, бәринен бурын, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да мәкемелердиң нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажларды әмелге асырыў;

үшиншиден, аймақларды жедел экономикалық раўажландырыў, соның ишинде, олардың тәбийғый, экономикалық ҳәм инсан потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, қурылысы жуўмақланбаған объектлерден, пайдаланылмай атырған өндирис және жер майданларынан ақылға уғрас пайдаланыў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат бөлегин ҳәм аймақтың экспорт имканиятларын кеңейтиў, орынларда заманагөй базар инфраструктурасын шөлкемлестириў, хызмет көрсетиў, туризм салаларын раўажландырыў, исбилерменлик субъектлерине әмелий жәрдем көрсетиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;

төртиншиден, дийқан хожалықлары, үй қапталы жер участкасы ушын ажыратылған жерлерден мақсетли пайдаланыў, мийўе-овощ жетистириўди, шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик ҳәм басқа да жумыс түрлерин раўажландырыў, аўыл хожалығы өндирисин шөлкемлестириўде фермер хожалықларына жәрдем бериў бойынша илажлар көриў;

бесиншиден, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен өз-ара биргеликте ҳуқықбузарлықларды, әсиресе, жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында профилактика етиў және олардың ерте алдын алыў бойынша тәсиршең жумысларды шөлкемлестириў.

  1. Секторлардың жумысын шөлкемлестириў 2-қосымшада келтирилген, төмендегилерди нәзерде тутатуғын Аймақларды ҳәм районлар (қалалар)ды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың жумысын шөлкемлестириў схемасына муўапық «мәҳәлле – район (қала) – ўәлаят – республика» принципине бола әмелге асырылатуғыны белгиленсин:

Онда:

үйме-үй жүриў ҳәм халық пенен ушырасыўлар тийкарында ең төменги буўында – мәҳәлледе әҳмийетли машқалаларды анықлаў, оларды тиккелей сол жерде сапластырыў бойынша анық илажлар көриў, район (қала)ды раўажландырыў бойынша бағдарламаларға киргизиў ушын усыныслар таярлаў ҳәм киргизиў;

мәҳәллелерде анықланған машқалаларды ҳәр тәреплеме терең талқылаў ҳәм улыўмаластырыў тийкарында районлар (қалалар)ды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў, халық депутатлары районлық (қалалық)  Кеңеслериниң сессияларында есап бериў системасын енгизиў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўын қадағалаў, Қарақалпақстан Республикасын, ўәлаятларды ҳәм Ташкент қаласын раўажландырыў бойынша бағдарламаларға киргизиў, сондай-ақ, лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ушын усыныслар таярлаў ҳәм киргизиў;

районлар (қалалар)да анықланған машқалаларды ҳәр тәреплеме терең талқылаў ҳәм улыўмаластырыў тийкарында Қарақалпақстан Республикасын, ўәлаятларды ҳәм Ташкент қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў  бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў, тастыйықлаў және әмелге асырыў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң сессияларында есап бериў системасын енгизиў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўын қадағалаў, мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламаларына усыныслар таярлаў ҳәм киргизиў, сондай-ақ, лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ушын усыныслар таярлаў ҳәм киргизиў;

аймақларда «жол карталары»  әмелге асырылыўының нәтийжелилиги бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети  тәрепинен ҳәр тәреплеме сын көз-қарастан талқылаўды ҳәм улыўмаластырыўды өткериў, сондай-ақ, мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламаларын ислеп шығыў, тастыйықлаў және әмелге асырыў, Өзбекистан Республикасы Президенти алдында ҳәр шеректе есап бериў системасын енгизиў, қабыл етилген қарарлардың орынланыўын қадағалаў, орынлардағы системалы кемшиликлерди сапластырыў бойынша Ҳүкиметлик қарарлардың жойбарларын ислеп шығыўды шөлкемлестириў, лаўазымлы шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныслар киргизиў ўазыйпалары белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслериниң мәжилислеринде ҳәр шеректе секторлардағы басшылардың есаплары ҳәр бир аймаққа бириктирилген жуўапкер лаўазымлы шахслар, депутатлар ҳәм сенаторлардың қатнасыўында тыңланатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслерине секторлардағы басшылардың есапларын тыңлаўда төмендеги мәселелерге итибар қаратыў усыныс етилсин:

тийисли дәўирде аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўын сын көз-қарастан баҳалаў;

халықты, исбилерменлик субъектлерин, фермер хожалықларын, жасларды тәшўишке салып атырған әҳмийетли машқалаларды, сондай-ақ, аймақтың раўажланыўына тосқынлық етип атырған системалы кемшиликлерди анықлаў;

аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын ҳәм мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламаларына киргизиў ушын усынысларды додалаў.

Есапларды тыңлаўға аймақларды раўажландырыў процесине тәсир етиўдиң, сондай-ақ, секторлардағы басшылардың, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларындағы лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырыўдың әҳмийетли қуралларынан бири сыпатында қаралсын.

Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Кенгашине секторлардың басшылары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының лаўазымлы шахсларының есапларын тыңлаўдың анық тәртибин нәзерде тутқан ҳалда, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық, қалалық Кеңесиниң үлги регламентин қайта көрип шығыў усыныс етилсин.

  1. Секторлардың жумысының түрлерин ҳәм усылларын, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиўин, олардың ўәкилликлерин, сондай-ақ, есап бериўин және жумысын баҳалаў тәртибин нәзерде тутатуғын Районлар (қалалар)ды ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлардың жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы реже 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Төмендегилер аймақларға бириктирилген Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарларының тийкарғы ўазыйпалары және функциялары етип белгиленсин:

аймақларды комплексли раўажландырыў бойынша секторлардың жумысын, бәринен бурын, социаллық-экономикалық раўажланыўда артта қалған районлар менен қалаларда нәтийжели шөлкемлестириў;

районлардағы, қалалардағы, мәҳәллелердеги шешимин күтип атырған машқалаларды шешиў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм үйлеслилигин тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының жумысын муўапықластырыў, олардың жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары менен тығыз бирге ислесиўин шөлкемлестириў;

аймақтың исшеңлик орталығын ҳәм белсендилигин талқылаў, исбилерменликти жедел раўажландырыўға тосқынлық етип атырған әҳмийетли машқалаларды шешиўге көмеклесиў, қәлиплескен исбилерменлик мәдениятын ҳәм жергиликли дәстүрлерди, аймақтың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм раўажланыў дәрежесин инабатқа алған ҳалда, аймақты раўажландырыў бойынша мәнзилли әмелий илажларды ислеп шығыў;

аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайын талқылаў, әмелге асырылып атырған илажлардың халықтың турмыслық сапасына тәсир етиў дәрежесин арттырыў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў;

Ҳүкиметлик, республикалық, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары дәрежесинде қарар қабыл етиўди талап ететуғын анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;

тийисли  басшылардың жумысын сын көз-қарастан талқылаў жуўмақлары тийкарында оларды әмелдеги басшы кадрлар резервине қосыў ямаса ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекемги интизамлы жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныслар киргизиў.

  1. Аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайын, нызамлардың, Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети қарарларының орынланыўын үйрениў аймақларға бириктирилген Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен, қағыйда ретинде, бир мәрте комплексли үйрениўди (3-4 күн даўамында) өткериў арқалы муўапықластырылатуғыны;

аймақларға бириктирилген Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарлары жумыс ўақтының үштен еки бөлегинен кем болмаған дәўирин орынларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын, соның ишинде, халық пенен пикирлесиў арқалы үйрениўге ажырататуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Календарь жылының шереклик жуўмағы бойынша мәжилислерге таярлық көриў ҳәм өткериўдиң ҳәзирги әмелияты нәтийжесиз ҳәм гөнерген деп табылсын.

Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақларын шығарыўдың жаңаланған концепциясы 4-қосымшада келтирилген схемаға муўапық енгизилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

район (қала) ҳәм ўәлаят дәрежесинде, биринши гезекте пуқаралар, исбилерменлик субъектлери, депутатлар ҳәм сенаторлар, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тәрепинен көтерилген ең әҳмийетли машқалаларды анықлаў, сондай-ақ, оларды шешиў бойынша анық илажлар көриў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларын, пуқаралық жәмийети институтларын, исбилермен топарларды ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин тартыў арқалы аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларының орынланыўы мониторингиниң ашық-айдынлығын ҳәм қалыслығын арттырыў;

әмелге асырылып атырған илажлардың ҳәм ерисилген көрсеткишлердиң, әсиресе, аўыллық жерлерде халықтың турмыслық дәрежесине ҳәм сапасына реал тәсирин есапқа алған ҳалда макроэкономикалық талқылаў өткериў;

аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жағдайын, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының усынысларын, халықтың талапларын ҳәр тәреплеме және терең талқылаў тийкарында Өзбекистан Республикасының инвестициялық (мәмлекетлик) бағдарламаларын ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын қәлиплестириў;

аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпаларын, соның  ишинде, орынларда шешимин күтип атырған машқалаларды шешиўде мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары басшыларының және хызметкерлериниң жуўапкершилигин ҳәм инталылығын арттырыў;

Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети қарарларының орынланыўын қадағалаў және мониторинг етиўдиң тәсиршең механизмлерин енгизиў.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақларын шығарыўдың жаңа концепциясын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақлары менен социаллық саланың жағдайын үйрениўдиң жаңа механизмлерин енгизиў бойынша комиссия 5-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ай мүддетте секторлардың басшылары, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахслары ҳәм хызметкерлери арасында усы қарар талапларын түсиндириў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин;

2017-жыл 20-августқа шекемги мүддетте орынларда анықланған машқалалар менен кемшиликлерди ҳәр тәреплеме талқылаў ҳәм улыўмаластырыў тийкарында үлги «Жол картасы»н және секторлардағы басшылардың үлги жумыс тәртибин ислеп шықсын;

бир ай мүдетте секторлардағы басшылардың жумысының материаллық-техникалық тәмийинлениўин жақсылаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырсын;

2018-жыл 1-январьға шекемги мүддетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысын ҳәм орынлайтуғын жумысларының көлемин сын көз-қарастан үйрениў тийкарында олардың структурасы, ўазыйпалары, функциялары менен ўәкилликлерин оптималластырыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Тийкарсыз, нәтийжеси аз, әмелий әҳмийетке ийе болмаған, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына керексиз ҳәкимшилик жумыс көлемин арттыратуғын және жүкленген ўазыйпаларды орынлаўдан шетлететуғын ведомстволараралық мәжилислерди өткериў қатаң қадаған етилсин.

Мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының басшыларына өткерилетуғын мәжилислерге көрип шығылатуғын мәселелерге тиккелей байланыслы болмаған мәмлекетлик уйымлардың, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң лаўазымлы шахслары мирәт етилиўине ҳәм қатнасыўына жол қоймаў көрсетип өтилсин.

Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы көрсетилген талаплардың қатаң орынланыўы үстинен зәрүр дәрежеде мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте коллегиаллық мәжилислер өткериў зәрүрлигин тийкарлап беретуғын анық өлшемлерди, оларда қатнасыў ушын шахслар топарын белгилеўди, сондай-ақ, мәжилис жуўмақларының нәтийжелилигине талапларды нәзерде тутқан ҳалда, барлық дәрежелерде мәжилислерди шөлкемлестириў, оған таярлық көриў ҳәм өткериў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

 

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети (Т.Худайбергенов) Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Есап-санақ палатасы менен биргеликте:

секторлардағы басшылардың жумысын оларға жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўы бойынша турақлы мониторинг етиўди, аймақлардың раўажланыў жағдайындағы реал өзгерислерден ҳәм басқа да ҳақыйқый өлшемлерден келип шығып, олардың жумысын қалыс баҳалаўды тәмийинлесин;

Өзбекистан Республикасы Президентине ҳәр шеректе айрықша өрнек көрсеткен секторлардың басшыларын, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларын ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў яки жол қойылған айрықша кемшиликлер ушын оларды лаўазымынан азат етиўге шекемги жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Есап-санақ палатасы менен биргеликте үш ай мүддетте сын көз-қарастан талқылаў тийкарында Республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржыларын қәлиплестириў және бөлистириў, инвестициялық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдың нәтийжели ҳәм ашық-айдын механизмлерин енгизиў бойынша Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратына усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйлери У.С.Исмаилов, В.А.Голишев, Т.А.Худайбергенов, О.Б.Муродов, Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 8-август

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарына

ТҮСИНИК

Мәмлекетти ҳәм жәмийетти жедел раўажландырыў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде орынларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын ҳәр тәреплеме ҳәм терең үйрениў, халық пенен тиккелей пикирлесиў орнатыўдың сапа жағынан жаңа ҳәм нәтийжели түрлерин енгизиў, әсиресе, елимиздиң барлық районлары менен қалаларын қамтып алған ҳалда орынларға барып пуқараларды қабыл етиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Орынларда алып барылып атырған усындай жумыслардың нәтийжесинде халықты тынышсызландырып киятырған социаллық сала, турақ жай коммуналлық, жол хожалығы, электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм ыссылық тәмийнаты, арзан турақ жайлар қурыў салаларындағы, сондай-ақ, исбилерменликти жедел раўажландырыў, аймақларда инвестициялық ҳәм исшеңлик орталықты жақсылаўға тосқынлық етип атырған тийкарғы машқалалар анықланбақта.

Орынларда анықланған машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде, сондай-ақ, пуқараларымыздың талап ҳәм өтинишлерине бола қысқа ўақыт ишинде қалаларда – көп қабатлы, аўыллық жерлерде үлги жойбарлар тийкарында арзан жайлар қурыў, ишимлик суўы, ыссылық тәмийнаты, канализация системаларын раўажландырыў және модернизациялаў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, жеке меншикти ҳәр тәреплеме қорғаў ҳәм исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға байланыслы бағдарламалар қабыл етилди ҳәм әмелге асырылмақта.

Усы қабыл етилген ҳүжжетлердиң ҳәр бири елимизде халықтың исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге, өзлериниң дөретиўшилик имканиятынларын толық иске қосыўына, турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған.

Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўдиң әмелдеги механизмлери, атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымларының бүгинги күндеги өз-ара бирге ислесиў жағдайы усы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў, халықтың күнделикли машқалаларына өз ўақтында шешим табыў имканиятын бермей атыр.

Республика уйымларының район ҳәм қалалардан бөлекленип қалғанлығы ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық бирлик бойынша олардың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм раўажланыў дәрежесин инабатқа алған халда мәнзилли әмелий илажларды ислеп шығыў имканиятын бермей атыр.

Республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржыларын қәлиплестириў және бөлистириў, инвестициялық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдың ағымдағы тәртиби, биринши гезекте, ең әҳмийетли жойбарлардың мәнзилли, өз ўақтында ҳәм тең салмақлы түрде қаржыландырылыўын тәмийинлей алмай атыр.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тийкарынан әҳмийетсиз ўазыйпаларды, күнделикли тапсырмаларды орынлаў менен бәнт болып қалған. Жумыс ислеп атырған комиссия ҳәм топарлардың, сенатор ҳәм депутатлардың аймақларға хызмет сапарлары жетерли дәрежеде өз-ара муўапықластырылмаған тәризде әмелге асырылмақта. Министрлер Кабинети ҳәм басқа да жоқары туратуғын атқарыўшы ҳәкимият уйымлары болса социаллық-экономикалық саланың реал жағдайына байланыслы болмаған макроэкономикалық мәселелер менен бәнт.

Нәтийжеде жумыстағы қайталаныўлар орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында нәтийжесиз артықша жүклемелерди жүзеге келтирмекте, жергиликли дәрежедеги тийкарғы кемшиликлер болса дерлик анықланбай ҳәм сапластырылмай атыр.

Мәмлекетлик уйымлардың жумыс нәтийжелерин баҳалаўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәр бир адамның турмыслық сапасын қаншелли жақсылап, айрықша алғанда ҳәр бир елатлы пунктти қаншелли дәрежеде социаллық-экономикалық раўажландырып атырғаны итибарға алынбай атыр.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына келип түскен бир миллионнан аслам мүрәжатлер жоқарыдағылардан дәрек бермекте. Оларда, бәринен бурын, халықты арзан турақ жай ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў, сапалы коммуналлық хызмет көрсетиў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да салаларда бар болған шешилиўи зәрүр турмыслық әҳмийеттеги мәселелер көтерилген.

Бүгинги күнниң бундай әҳмийетли ўазыйпаларын табыслы ҳәм нәтийжели орынлаў атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымларының жақыннан бирге ислесиўин, Министрлер Кабинетиниң, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының, сондай-ақ, барлық дәрежедеги ҳәкимликлердиң әмелдеги жумыс усылын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ҳәм бул бойынша жаңа, жетилискен механизмлерди енгизиўди талап етпекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарары аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға байланыслы қабыл етилип атырған ҳүжжетлер менен бағдарламалардың, әсиресе, төменги буўында сөзсиз әмелге асырылыўын тәмийинлеўге бағдарланған.

Усы ҳүжжет атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият уйымларының халық дус келип атырған бар машқалаларды анықлаў ҳәм оларды өз ўақтында сапластырыў және аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайын турақлы ҳәм мәнзилли үйрениў бағдарында биргеликте алып барылатуғын системалы жумысын шөлкемлестириўди нәзерде тутады.

Қарар менен Олий Мажлис палаталарының, Министрлер Кабинетиниң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, ҳәкимликлердиң бир қатар усыныслары мақулланды. Соның ишинде, орынларда жумысты шөлкемлестириўде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, районлар, қалалардың аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторларға бөлиўди нәзерде тутатуғын улыўма жаңа система енгизиледи.

Елимиздеги 14 аймақтың ҳәр бирине Бас министр ҳәм оның орынбасарлары бириктириледи. Онда олар тәрепинен социаллық-экономикалық жақтан артта қалып киятырған 69 район ҳәм қаланың жедел раўажланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылады.

Комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының, районлар (қалалар)дың ҳәкимлери, прокуратура, ишки ислер ҳәм мәмлекетлик салық хызмети аймақлық уйымларының басшылары басшылық етеди. Олар орынлардағы социаллық-экономикалық машқалаларды анықлаў ҳәм шешиў бойынша анық мақсетке қаратылған системалы жумысларды атқарады.

Секторлардың жумысы «мәҳәлле-район (қала)-ўәлаят-республика» принципине тийкарланып әмелге асырылады. Онда тийкарғы жумыслар ең төменги буўын – мәҳәлледе орынланыўы зәрүр, яғный, ҳәр шеректе барлық үй хожалықларына ҳәм объектлерге бирме-бир кирилип, халық пенен тиккелей пикирлесиў өткериледи.

Мәҳәлледе анықланған машқалалар тиккелей сол жерде сапластырылады. Сол жерде шешиўдиң илажы болмаған кемшиликлер менен машқалалар болса сектор, район (қала) ҳәм аймақ кесиминде «жол карталары»на киргизиледи.

Ҳүкиметлик дәрежеде мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, инвестициялық бағдарламаларды тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў, орынлардағы бар машқалаларды сапластырыў бойынша Ҳүкиметлик қарарлардың жойбарларын ислеп шығыў бойынша илажлар көриледи.

Бул арқалы мәҳәллелердеги машқалалар ҳәм оларды шешиў механизмлери арасында республика дәрежесине шекем үзликсиз байланыс орнатылады.

Орынлардағы машқалаларды шешиўде өзинде машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў жолларын ҳәр тәреплеме және толық қамтып алатуғын «жол карталары» әҳмийетли орын ийелейди. «Жол карталары» секторлар тәрепинен басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте ҳәр шеректе тийисли аймақтың өзине тән өзгешелигин инабатқа алған ҳалда қәлиплестириледи ҳәм әмелге асырылады.

Сондай-ақ, бар кемшиликлер менен машқалаларды анықлаўда ҳәм сапластырыўда, аймақлардың раўажланыў процесине тәсир етиў және сектор басшыларының есапларын тыңлаўда аймақларға бириктирилген Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, парламент ағзалары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери қатнасады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслерине секторлардағы басшылардың есапларын тыңлаўда төмендеги мәселелерге итибар қаратыў усыныс етилмекте;

– тийисли дәўирде аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўын сын көз-қарастан баҳалаў;

– халықты, исбилерменлик субъектлерин, фермер хожалықларын, жасларды тәшўишке салып киятырған әҳмийетли машқалаларды, сондай-ақ, аймақтың раўажланыўына тосқынлық етип атырған бар кемшиликлерди анықлаў;

– аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын ҳәм мәмлекетлик, аймақлық, соның ишинде, Өзбекистан Республикасының инвестициялық бағдарламаларына киргизиў ушын усынысларды додалаў.

Есапларды тыңлаўға аймақларды раўажландырыў процесине тәсир етиўдиң, сондай-ақ, секторлардың басшыларының, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларындағы лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин арттырыўдың әҳмийетли қуралларынан бири сыпатында қаралады.

Буннан тысқары, қарар менен Министрлер Кабинети тәрепинен аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажлардың әмелге асырылыўы үстинен Өзбекистан Республикасы Президенти алдында ҳәр шеректе есап бериў системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.

Жаңа системаны енгизиў бойынша жумыслардың тийкарғы бағдарлары усы ҳүжжет пенен тастыйықланып атырған Реже арқалы тәртипке салынады. Онда жаңа системада ислеўдиң нәтийжели түрлери менен усыллары, мәмлекетлик ведомстволар ҳәм шөлкемлер менен бирге ислесиў, сектор басшыларының ўәкилликлери, жуўапкершилик илажлары, есаплылығы ҳәм олардың жумысын баҳалаў тәртиби, сондай-ақ, есабат ҳүжжети сыпатында орайластырылған тәртипте тарқатылатуғын сектор басшыларының үйме-үй жүриў дәптерин жүргизиўи нәзерде тутылған. Жергиликли дәрежедеги социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге болған көз-қарастың пүткиллей өзгерип атырғанлығын инабатқа алып, Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақларын шығарыўдың жаңаланған концепциясы енгизилмекте.

Жуўмақларды шығарыўда, биринши гезекте, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәплери инабатқа алынады, ең әҳмийетлиси, есап бериў дәўиринде ерисилген макроэкономикалық көрсеткишлер ҳәр бир инсанның турмысы сапалы дәрежеде әмелде көзге тасланып атырған унамлы өзгерислер менен тығыз байланысады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тийкарсыз, нәтийжеси төмен, әмелий әҳмийетке ийе болмаған, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына керексиз ҳәкимшилик жумыс көлемин арттыратуғын және оларға жүкленген ўазыйпаларды орынлаўдан шетлететуғын ведомстволараралық мәжилислерди өткериў қатаң қадаған етилди. Бас прокуратураға белгиленген талаплардың қатаң орынланыўы үстинен мониторинг алып барыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайын, нызамлардың, Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети қарарларының орынланыўын үйрениў аймақларға бириктирилген Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарлары тәрепинен, қағыйда ретинде, бир мәрте комплексли үйрениў (3-4 күн даўамында) арқалы муўапықластырылыўы белгилеп қойылды. Онда аймақларға бириктирилген Өзбекистан Республикасы Бас министри ҳәм оның орынбасарларының жумыс ўақтының үштен еки бөлегинен кем болмаған мүддетин орынларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын, соның ишинде, халық пенен пикирлесиў арқалы үйрениўге ажыратады.

Сектор басшыларының ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларының жуўапкершилигин арттырыў илажларына және олардың жумысына системалы баҳа берип барыўға айрықша әҳмийет қаратылды. Сол мақсетте Өзбекистан Республикасы Президентине ҳәр шеректе айрықша өрнек көрсеткен сектор басшыларын, мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларын ҳәм хызметкерлерин хошаметлеў ямаса жол қойған айрықша кемшиликлер ушын оларды жуўапкершиликке тартыўдан баслап лаўазымынан азат етиўге шекемги илажларды көриў бойынша усыныслар киргизип барылады.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарарында бул саланы тәртипке салатуғын тийкарғы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў, соның ишинде, усы қарарды турмысқа енгизиў нәтийжелериниң талқыланыўына бола жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының структурасын, ўазыйпаларын, функцияларын ҳәм ўәкилликлерин оптималластырыў бойынша бир қатар тапсырмалар бар.

Қарарда, сондай-ақ, сын көз-қарастан талқылаў тийкарында Республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржыларын қәлиплестириў және бөлистириў, инвестициялық бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдың нәтийжели және ашық-айдын  механизмлерин енгизиў зәрүрлиги атап өтилген. Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарары мәмлекетлик уйымлардың жумысын шөлкемлестириўдиң, бәринен бурын, аймақларда Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген қарарлардың, сондай-ақ, әҳмийетли мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалардың өз ўақтында және сапалы орынланыўына имканият беретуғын заманагөй жаңа системаның енгизилиўин тәмийинлейди. Ең тийкарғысы, қабыл етилген қарар елимиздиң ҳәр бир пуқарасының турмыслық сапасын жақсылаўға қаратылған.